ТАТУдың белгили профессоры мастер класс сабақларын өтпекте

Ташкент информацилық технологиялар университети профессоры Нишанов Ахрам Хасанович усы жылдың 04-май сәнесинен баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң әмелий математика ҳәм информациялық технлогиялар қәнигелиги магистрантлары ушын өзиниң ўлкен тажрийбеси бойынша мастер класс сабақларын өтип баслады.
Нишанов Ахрам Хасанович – информациялық технологиялар бойынша Өзбекстанда жетекши қәнигелердиң бири болып есапланады. Мастер класс сабақларына қатнасыўшылар белгили алым менен әмелий математикада ҳәм бағдарламаластырыуда белгили алгоритмлерди эффектив ҳам кунделикли турмыста қалай пайдаланыуымыз хаққында жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы мағлыўматлар менен байытылған нағыз әмелий билимлерди бере алды.
Бундай мастер класс сабақлар ҳәр дайым тыңлаўшылардың үлкен қызығыўшылығын оятады ҳәм оларға көплеген керекли және пайдалы мағлыўматлар бере алады деген исенимдемиз.

 

Пайдалы дереклер