Қарақалпақстан Республикасында илим, билимлендириў тараўында өзиниң салмақлы илимий мийнетлери менен өз орнына ийе болған санаўлы академиклеримиздиң бири- Амин Бахиевич Бахиев еди. Арал теңизиниң қурыўы менен елимизде экосистеманың деградацияға ушыраўы себепли жергиликли биологиялық көп түрлиликти сақлаў, Қубла Арал бойы ҳәм Әмиўдәрья дельтасы өсимликлер қапламын үйрениў ҳәм шөл зонасының ҳәзирги жағдайын изертлеў академик Амин Бахиевич Бахиевтиң илимий жумысларының тийкары болды.
Академик Амин Бахиев 1937-жылы 15-майда Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң 1956-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «Тәбияттаныў ҳәм география» факультетине оқыўға кирди. Тәбият тилсимлерине, илим-билимге қызығыўшылығы студентлик дәўирлеринде басланды. Жас илимпаздың тәбият илимлерин қунт пенен үйрениўи ҳәм әмелий тәжирийбелерди сезимталлық пенен уғыўын сезген институт басшылары А.Бахиевқа Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалына жумыс ислеўге жоллама берди. Ол фундаментал илимий көнликпени әйне усы жерде алып, 1969-жылы «Ботаника» қәнигелиги бойынша «Әмиўдәрьяның төменги аймақларындағы боян өсимликлери формациясы» деген темада биология илимлериниң кандидати дәрежеси ушын диссертациясын табыслы жақлады. Буннан кейинги илимий жумысы «Әмиўдәрьяның төмениндеги Қарақалпақстан аймағындағы өсимликлер, оның экологиясы ҳәм динамикасы» деген темада болып, 1981-жылы ӨзРИАның Ботаника институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте докторлық диссертациясын қорғады ҳәм биология илимлериниң докторы илимий дәрежесине еристи.
Академик А. Бахиевтиң тийкарғы илимий бағдарлары өсимлик дүньясының биологиялық нызамлықларына, оның динамикасы ҳәм келип шығыўына, шөлистанлыққа айланыўы ҳәм оларды қорғаў, сондай ақ экологияның өнимдарлығын, структурасын фундаментал изертлеў машқалаларына қаратылған болып табылады. Егер биз академик А.Бахиевтиң илимий искерлигин дыққат пенен үйренгенимизде ол Арал теңизи бойындағы өсимликлер дүньясының келешегине итибар қаратқан дәслепки алымлардан болғанын көремиз. Оның «Арал бассейниниң гидрорежиминиң өзгериўине байланыслы Қубла Арал дельтасында өсимликлер бирлесиги (сообществ) динамикасы» атамасындағы монографиясы экосистемадағы кескин өзгерислер жағдайында Қубла Арал бойы дельтасындағы өсимликлер дүньясының өзгериўине арналған дәслепки илимий жумыс болып табылады. Бул мийнет дельта тегислигиниң шөлистанлыққа айланып атырғанын бақлаўға исенимли баҳа береди.
Бир қатар илимпазлар менен биргеликтеги Глобал машқалалардың бири Тәбият экологиясына арналған «Дәўиримиздиң экологиялық машқалалары» (методикалық қолланба, биргеликли авторлықта) мийнетинде ҳәзирги экологиялық дағдарысты илимий көзқарастан ашып берди. Бул өзине тән өзгешеликке ийе илимий жаңалықлар енгизилген мийнетлеринен оның терең пикирге ийе алым болғанын көриўимизге болады.
А. Бахиевтиң илимий мийнетлери 250 ден аслам болып, соның 25 тен асламы монографиялар, жоқары оқыў орынлары ушын сабақлықлар ҳәм методикалық қолланбалары баспадан шықты ҳәм ҳәзирги ўақытта жаслардың билим алыўында, илимий изертлеў жумысларын алып барып атырған жас алымлар ушын баҳалы қолланба болып хызмет етпекте.
Академик А. Бахиев илим менен шуғылланыўшы ҳәр бир жасты руўхый қоллап қуўатлап, олардан өзиниң баҳалы мәсләҳәтлерин аямады.
Халқы ушын аянбай мийнет еткен, терең илимий потенциалға ийе көрнекли алым, жақсы шөлкемлестириўши басшы, терең билим бериўши устаз ҳәм әпиўайы, кишипейил инсан сыпатында бизлердиң ядымызда мәңгиге сақланып қалады.
Давлетмуратова В.Б. Улыўма биология ҳәм
физиология кафедрасы доценти