(Я Д Н А М А)
Республикамыздыӊ халық хожалығының дерлик барлық тараўларына жетик маман қәнийгелер таярлап бериўде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тутқан орны айрықша болып табылады. Усындай ийгиликли ислерди ҳәм өзлери жасап ҳәм ислеп өткен дәўиринде айтарлықтай дәрежеде усы тараўға салмақлы үлеслерин қосқан бир қанша устаз профессор-оқытыўшылар өз билимлерин ҳәм тәжирийбелерин келешек жасларға аянбастан бере алған пидайы хызметлери менен көз алдымыздан өтеди. Солардың ишинде физика тараўында, әсиресе соның ишинде ярымөткизгишлер физикасы бойынша гиреўли орны бар қәдирдан устазымыз, марҳум, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Ережепов Мәдрейм аға болып табылады.
Мәдрейм аға Ережепов 1935- жылы 18-апрельде Республикамыздың Шымбай районында туўылған. 1952- жылы орта мектепти айрықша баҳаларға тамамлап ҳәм сол жылы Ташкент қаласындағы Орта Азия мәмлекетлик (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) университетиниң физика-математика факультетине оқыўға кирип оны 1957-жылы табыслы питкереди.
1957-1959- жыллар аралығында Ташкент қаласында Өзбекстан Илимлер академиясының «Физика техника институтында» киши илимий хызметкер лаўазымында ислейди. Соның менен қатар ол ҳәзирги Низамий атындағы педагогикалық университетте теориялық физикадан лекциялар оқыйды. Өткен әсирдиң 60- жыллары Өзбекстан Илимлер академиясының президенти Хабиб Абдуллаевтың жеке басламасы менен сол ўақыттың өлшеми бойынша илимий потенциалы жоқары орайларға (Москва, Санкт –Петербург, Киев х.т.б) өзимиздиң миллий кадрларымызды мыңлап, дәслебинде стажировкаға ҳәм соңғылығында мақсетли аспирантураға оқыўға жиберген. Солардың ишинде ағамыздың шегине Киев қаласындағы Т.Г.Шевченко атындағы Киев мәмлекетлик университети түскен. Мәдрейм аға университеттиң аспиранты болғаны менен оның илимий басшысы Украина Илимлер академиясының ярымөткизгишлер институтының лаборатория баслығы, дүньяға белгили илимпаз академик (бирден илим докторы ҳәм академик болған) Соломон Исаккович Пекардың басшылығында кандидатлық диссертациясы жумысы үстинде ислеген ҳәм 1965- жылы сол институттың қәнийгелестирилген илимий кеңесинде «Зарядланған қосымта орайлардың майданларын есапқа алғандағы ярымөткизгишлердеги көширмели қубылыслар теориясы» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы жақлайды.
1966-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының президиумының шешими менен жас илим кандидаты өзимиздиң Республикамызға Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалына (ҳәзирги Қарақалпақстан бөлимине) физика-математика секторын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў ушын жумысқа жибериледи. Усы лаўазымда ислеп жүрип илимге интасы бар жасларды жоқарыда айтылған илимий орайларға стажировкаға, соңғылығында аспирантураға жиберип отырған.
1976 -жылы республикамызда үлкен тарийхый ўақыя жүз берди, яғный сол ўақыттағы республикамыздың биринши басшысы ҳүрметли ақсақалымыз, мийнет қаҳарманы, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы Қаллибек аға Камаловтың үлкен күш салыўлары менен Нөкис мәмлекетлик университети ашылған еди. Әлбетте университет ашылғаннан кейин оған қойылатуғын талапта күшейди. Солардан дүньялық стандарт бойынша ең үлкен талаплардан бириншиси бул илимий дәрежелик, екиншиси материаллық – техникалық база ҳәм үшиншиси оқыўлықлар менен тәмийинленгенлик. Мине усындай талапларды орынлаў ушын ағамыз тынып-тыншымай өз үстинде жумыс алып барды. Нәтийжеде 1987- жылы апрель айында «ярымөткизгишлер физикасы» кафедрасын ашты ҳәм сол кафедраның биринши баслығы болып 1993- жылға шекем табыслы ислеп келди, ал 1988- жылы сентябрьде кафедра жанынан «Көп қатламлы ҳәм дәўирли ярымөткизгишли структуралар» атамасындағы проблемалық илим-изертлеў лабораториясының шөлкемлестрилиўине еристи ҳәм сол лабораторияныңда баслығы болып бекитилди.
Усы дәўирлерде республикамызда физика тараўы бойынша бирде илим докторы жоқ еди. Сонлықтан усы кемшиликлерди жөнлеў ушын сол ўақытта Ташкентте, Нөкисте өзимизде физика қәнигелигинде оқып атырған талантлы жасларды қыдыра баслады. Мениң өзим 1980-жыллары Ташкент мәмлекетлик университетиниң физика факультетиниң ярымөткизгишлер физикасы қәнигелиги бойынша 4-курста оқып атырғанымда еле тап кешегидей есимде Мәдрейм аға менен танысқаным. Сол биринши танысқанымда-ақ ағамыздың келешек әрманларын еситип ериксиз қуўанғанман. Мен тийкарында Ташкентте жумысқа қалдырылып атыр едим. Бирақ Мәдрейм аға бизиң факультетимиздиң деканына ҳәм кафедра баслығына кирип мени Нөкис университетине жумысқа жас қәниге сыпатында мирәт етилетуғынлығымды хәм сол ӯақыттағы университет ректоры академик (жайы жәннетте болсын) Чарджоу аға Абдировтың атынан хат жиберилетуғынлығын айтып көндирди. Мине сол ўақыттан баслап өмириниң ақырына шекем Мадрейм аға менен бирге аға ини болып туўысқандай қатнасып келгенмен.

2000- жылы ярымөткизгишлер тийкарында жасалған лазерлер бойынша Нобель сыйлығының лауреаты болған Россиялы дүнья тән алған илимпаз Жорес Иванович Алферов «Ҳәзирги заман цивилизациясы – бул ярымөткизгишлер» деген еди өзиниң бир гезектеги интервьюинде. Сол айтқандай ағамызда усы тараўдың келешеги бар екенлигин сол ўақытлары сезген болыўы керек. Егерде өткен дәўирге бир нәзер салып қарайтуғын болсақ, усы күнге шекем кафедрамыздан 4 илим докторлары (Қ.Исмайлов, 1995 ж., М.Тагаев 2001 ж.,А.Камалов 2011 ж.,Б.К.Дәўлетмуратов 2017 ж.) бир неше илим кандидатлары (Б.Ембергенов, Р.Бекимбетов,Ж.Жанабергенов, К.Турданов, М.Жалелов, Қ.Дәўлетов, М.Шарибаев, В.Статов, С.Бекбергенов, М.Насыров, А.Атаубаева, Х.Камалов, А.Утениязов, З.Сапарниязова, А.Атабаев., Б.Исмайловлар) жетилисип шықты. Ҳәзирги күни кафедрамызда сол дәстүрди сақлаған ҳалда 4 профессор оқытыўшы докторлық диссертацияларының үстинде актив түрде жумыс алып бармақта ( А.Атаубаева, М.Насыров, А.Утениязов, М.Шарибаев).
Усы жерде және бир айтып кетилиўи керек нәрсе- бул 2013- жылы 1- мартта «Альтернатив энергия дәреклерин буннан былайда раўажландырыў иләжлары ҳаққындағы» ПФ-4512 пәрманы шыққан еди. Бул пәрманда көрсетилгениндей экономикалық жақтан раўажланған ҳәм раўажланып атырған еллерде углеводород шийки затының дүнья жүзилик көлемдеги резервлери кемейип баратырған шараятта экономиканың турақлы раўажланыўын ҳәм бәсекеге шыдамлылығын арттырыўдың ең әҳмийетли факторы сыпатында альтернатив энергия дәреклеринен әмелде пайдаланыў бойынша излениўлер жедел алып барылып атырғанлығы, әсиресе Қуяш энергиясынан эффектив пайдаланыў жоллары атап көрсетилген. Бул деген сөз сол қуяш энергиясын электр энергиясына айландырып бериўши бирден бир материал бул ярымөткизгиш болып табылады. Булда өз нәўбетинде Мәдрейм ағаның узақты көре билгенинен дерек береди десем асыра айтқан болмайман.



Сөзимди жуўмақлай отырып, ағамыздың жатқан жери жайлы, топырағы торқа болсын деп, елимиздиң белгилили шайыры Халила Дәўлетназаровтың Мәдрейм ағаға арнап жазған «Пидәйылар ишинде ең пидәйы» қосығын автордың руқсаты менен жуўмақлаўды мақул көрип отырман.
Ҳақыйқат жолына садық удайы,
Сол ушын да берип қойған қудайы,
Мәдрейм Ережепли – Ели дер;
Пидәйылар ишинде ең пидәйы.
Бойы қулан таза ҳәр не иллеттен,
Тәўбеге шақырған жанды зил еткен,
Аға-ини, устаз – шәкирт, бирадар,
Дос арттырған неше түрли миллеттен.
Бәрҳәма қызғынлы жүрек жалыны,
Пал ҳәрре тәқаббил берер палыны,
Пидәйылар ишинде бир пидәйы,
Қарақалпақтың усы доцент алымы.
Сәўбетлессе мегзеп сөзлери гүлге,
Мисли жүреги де киреди тилге,
Ҳәр кимге жол силтеп, қабын қолласып,
Көш тартыўда өмир деген мәнзилде.
Туўған жер деп жырлап, арласып арын,
Илим дүньясына бағышлар барын,
Инсаныйлық шыңың қутлы – мүбәрек,
Не аўыр жүклерди көтерген Нарым!
Қанатбай ИСМАЙЛОВ
Ярымөткизгишлер физикасы
кафедрасының баслығы, профессор,
физика-математика илимлериниң докторы,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети
сиңген илим ғайраткери