Усы жылы 10-22-май күнлери аралығында университет студентлери арасында «Адам саўдасы – дәўир машқаласы» атамасындағы «Ең жақсы мақала», «Ең жақсы шығарма» жөнелислеринде таңлаў өткериледи.
Таңлаў шәртлери хәм баҳалаў критериялары.?
Таңлаўға усынылған шығармалар төмендеги критерияларда баҳаланады:
–✅теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилгенлиги;
–✅дөретиўшилик жумыслардың стилистлик ҳәм грамматикалық тәрепинен дурыс жазылғанлығы;
–✅теманы жарытыўда әдебиятлардан пайдаланғанлығы дәрежеси ҳәм анализлеў;
–✅еркин пикирлердиң анық билдиргенлиги;
–✅теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик қәбилетлериниң сәўлеленгенлиги.
–✅темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.
Ҳәр бир критерия 10 баллық система тийкарында баҳаланады-жәми 60 балл.
Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер өзлери билим алып атырған факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына мүрәжәәт етиўлериңизге болады. Сондай-ақ, таңлаў ҳаққында 933674941 телеграм номерине хабарласыўыңызға болады.