Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды кәсипке бағдарлаў, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў мақсетинде Экономика факультети деканаты Нөкис қаласында жайласқан “Ғәрезсизлик” МПЖ да Жаслар дәптеринде дизимде турған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши жасларға бизнес жоба дүзиў бойынша мәсләҳәтлер берилди. Жаслар арасынан өз бизнесин баслаў ушын қыйыншылықларға дус келип атырғанлары бир қанша екенлиги анықланды ҳәм бул жасларға факультетимиздеги “Жас экономист” дөгерегине қабыл етилип, дөгерек кестеси менен таныстырылды. Бул жаслардың көпшилиги кредит алыў машқаласы бар екенлиги анықланып ҳәм сол “Ғәрезсизлик” МПЖ аймағы Нөкис қаласындағы Микрокредит банкине бириктирилгенлиги анықланып, сол банктиң қәнигелери менен ушырасыў күни белгилеп алынды. Сондай-ақ факультетимиз ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси Элмира Маденова МПЖ ның ҳаял- қызлар дәптеринде дизимде турған ҳаял-қызлар менен де ушырасыў өткерип, университетимизде аспазлық ҳәмде тигиўшилик клублары менен таныстырып, оларды қатнасыўға шақырып қалды.

Экономика факультети декан орынбасары Қ.Нурманов