«КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ» республикалық таңлаўы жәрияланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты студент-жаслар арасында «КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ» республикалық таңлаўын жәриялайды.

 

Әзиз китапқумар студентлер! Университет усы жылы 11-22-май күнлери аралығында «Китапқумар студент» таңлаўын жәриялайды, Сиз де таңлаўға қатнасың ҳәм бос ўақытларыңыздан үнемли пайдаланың, көбирек әдебий китаплар оқып барыўыңыз ушын сизде ўақыт ҳәм имканиятларыңыз жеткиликли, таңлаўға ҳәзирден баслап таярлық көриң.

 

«КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ»

ТАҢЛАЎЫН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ:

 

Таңлаўды өткериў бойынша баҳалаў критериялары ҳәм қатнасыўшыларға қойылатуғын талаплар

 

Таңлаўда университеттиң барлық тәлим бағдарларының 1,2,3,4-курс студентлери арасында өткериледи.

Таңлаў жеңимпазлары үш тәртипте анықланады, бириншиси – Қарақалпақ филологиясы ҳәм Өзбек филологиясы стдентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип жеңипазлар анықланады, екиншиси Шет тиллери ҳәм Тарийх факультети студентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип жеңипазлар анықланады, үшиншиси – қалған 12 факультет студентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип жеңипазлар анықланады.

 

Таңлаў төмендеги 3 шәрт бойынша өткериледи;

 

1-шәрт: «Ең билимли китапқумар» шәрти (тест көринисинде). Бунда қатнасыўшылар арасында тест (50 тест сораўдан ибарат) өткериледи:

– таңлаўдың өткерилиў тәритибине муўапық  «Ең билимли китапқумар» шәрти (тест) нәтийжеси бойынша таңлаў қатнасыўшыларының топлаған баллы (туўры жуўапларына санына қарап 1 сораўға 0,5 балл – жәми 25 балл) есапқа алынады. Тест сораўлары 2020/2021 оқыў жылында өтилген «Ахборот ҳәм кураторлық сааты» шеңбериндеги көркем әдебиятлардан дүзиледи.

 

2-шәрт: «Аннотация шеберлиги» шәрти. Бунда қатнасыўшы тәрепинен «Мен жақтырған шығарма» атамасында өзи жақсы көрип оқыған шығарма бойынша қысқаша мағлыўматлар – аннотация бериледи:

 – «Аннотация шеберлиги» шәртинде Төреши қурамы қатнасыўшылардың «Шығармаға таярланған аннотация»сын баҳалаўда олардың белгиленген шығарманы оқығанлығын тексереди ҳәм де мазмунын туўры түсингени ҳәм тәриплеп бериў қабийлетине 25 баллық системада томендеги тәртипте баҳалайды:

 – аннотация жазыўдағы саўатханлығы  – 5 балл;

– усыныс етилген әдебияттың аннотациясын жазыўда шығарманың жетекши идеясы ҳәм мазмунының толық қамтып алынғанлығы – 5 балл;

– Китапқумар тәрепинен шығармаға мүнәсибетиниң (критикалық яки унамлы) қызықлы ҳәм көркемли тәризде билдиргенлиги – 5 балл;

– Аннотация текстинде пикирди сәўлелендириў методы, көркем образлардың реал турмыс пенен байланыслы ибратли тәреплерин ашып берилгенлиги  – 5 балл;

– Әдебиятта берилген улыўмаинсаный идеялар ҳәм миллий колоритке мүнәсибет билдиргенлиги – 5 балл;

Бунда қатнасыўшы тәрепинен жазылған аннотация тексти Төреши қурамы ағзалары тәрепинен биргеликте көрип шығылып, биргеликте жуўмақ шығарған ҳалда жеке баҳа (балл) қойылады.

 

3-шәрт: «Китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын кең үгит-нәсиятлаў» шәрти. Бунда қатнасыўшы тәрепинен китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў процесси әмелге асырылады:

– «Китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын кең үгит-нәсиятлаў» шәртинде қатнасыўшы тәрепинен китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў процесси Төреши қурамы  алдында әмелге асырылады.

Төреши қурамы  тәрепинен қатнасыўшының китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў методы ҳәм де усы процессде тыңлаўшыны исендире алыў қәбилети 50 баллық системада төмендеги тәртипте баҳаланады:

китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ибратлы ислер ҳәм бул бойынша халық, сондай-ақ, жаслар арасында қолға киритип атырған унамлы нәтийжелер бойынша пикир-усыныслар барлығы 10 балл;

үгит-нәсиятлаў процессинде қатнасыўшы тәрепинен өзи оқыған шығармалардың күшли ҳәм тәсиршеңлигин ашып бериўши ҳәм де усы шығармалардан алған тәсирлериниң өз турмыс жолында орынаны итибар қаратыў – 10 балл;

– китап оқыўдың унамлы нәтийжелери бойынша өзи тәрепинен билдирилген пикирлерди анық мағлыўматлар ҳәм исенимли тийкарлар менен жеткериў арқалы тыңлаўшыны исендире алыўы қәбилети 10 балл;

Қандайда бир шығарманы оқыў даўамында оқыўшы тәрепинен китапқа болған итибарлылық пенен мүнәсибетте болыў, китап оқыў мәдениятына әмел етиўин мәселелерине итибар қаратыў 10 балл;

 

Жеңимпазды анықлаў: Бунда Төрешилер қурамының ҳәр бир ағзасы өзиниң қойған баҳаларын ашық-айдынлық пенен жәриялайды ҳәм тийкарлап береди. Барлық ағзаларының қойған баллы улыўмаластырылып, олардың улыўма санына бөлинген ҳалда орташа баҳа шығарылады. Жуўмақлаўшы баҳа – таңлаўдың үш шәрти нәтийжелери бойынша жеке қатнасыўшының топлаған балларын қосыў (25+25+50=100 балл) нәтийжеси тийкарында анықланады.

–  Таңлаўда жеңимпаз болған студентлерди университет ректорат тәрепинен диплом менен  сыйлықлайды:

Мағлыўмат ушын телефон: (61) 2235954, (93) 9201009, (93) 3674941

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер