СИЗДЕ МҮРӘЖАТ БАР МА? ОНДА БИЗГЕ ЖОЛЛАҢ

 

Ҳүрметли студент жаслар егер сизлерди ойланыдып жүрген ҳәр қандай машқалалар бар болса, онда бул пикир-усынысларыӊызды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ веб-сайтына ямаса «QMU студентлери» телеграмм каналына жолласаӊыз болады. Сизиӊ ҳәр қандай машқалаӊыз тез үйренилип шығып, унамлы шешим табыӯына жәрдем беремиз.

Жақын күнлерде бир студентимиз өзин ойландырып жүрген мәселе бойынша «Talaba. Uz» каналына мүрәжат еткен болса, усы мәселелер бойынша университеттиӊ Жаслар мәселелери ҳәм руӯхый ағартыӯшылық  ислери бойынша проректоры С.Алаӯатдинов төмендегише жуӯап берди.

Дәслеп сол мүрәжат пенен танысып алсақ;

«Assalomy alaykum Admin aka men Qoraqalpoq  davlat universiteti talabasiman bizda yuridika, sanatshunoslik, geografiya (bugunda yuridika va geografiyaga offline darslar boshlandi) yaqinda bosh binoda joylashgan fakultetlar yopildi onlinega bitta ammosi bor covid 19 QDU da birinchi tarix fakultetida aniqlangan lekin hech kim TARIX fakultetini online o‘tkazamiz demadi haligacha ham doimiy darslar bo‘lib o‘tyabdi, bu yaxshi.(covid 19 bo‘lib qolmasak)

Lekin bir ajablanarli tomoni tarix va geografiya fakultetlari bitta binoda o‘qiydi va bitta eshikdan kirib chiqadi. Binoda karantin qoidalariga deyarli hech kim rioya qilmaydi. Dars tugashi bilan talabalar  tiqilinch bo‘lib zinada pastga tushadi bu holatdagi tiqilinchda covid bo‘lmagan odam ham covid bolishi mumkin. Endi savol bor mutasaddilarga, nima tarix fakultetida o‘qiydigan talabalarning immuniteti betonmi yoki ular kasal bo‘lmaydimi ?

Lekin bir tarafdan talabalarga bildirmasdan ham to‘g‘ri qilishdi axir bu yog‘i sessiya yaqin bosa bos mustaqil ish, bosa bos kanspek to‘ldirish bo‘lib yotibdi. Endi online yopishsa ham sog‘ bo‘lishsin yopishmasayam SOG‘ BOLISHSIN boshimizga tushganini ko‘zimiz bilan ko‘rib boraveramiz..»  

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар мәселелери ҳәм руӯхый ағартыӯшылық  ислери бойынша проректоры С.Алаӯатдинов:

-Биз өз-өзимизден студентлердиӊ айтыӯы бойынша бир факультетти карантинге шығарып жибере алмаймыз.

Бул жоқарыда айтылған география ҳәм тәбийий ресурслар факультетинде бир шахста COVID-19  анықланып, Нөкис қалалық санитария-эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими университетке хат пенен усыныс еткенлиги ушын яғный, сол имарат ишин дезинфекция еритпеси менен зыянсызландырыӯ жумысларын алып барып,    тазалаӯ бойынша усыныс билдиргени ушын карантинге алынды. Соныӊ менен бирге География ҳәм тәбийий ресурслар факультети менен Тарийх факультети оқыӯ бинасы бир деп айтылады. Бирақ, олардыӊ оқыӯ блоги басқа. Тарийх факультетиниӊ оқыӯ блоги басқа-басқа.

Мине арадан 14 күн өтти, ҳеш қандай унамсыз жағдайлар анықланбады.

География ҳәм тәбийий ресурслар факультетиде дәстүрий оқыӯға өтти.

МАҒЛЫЎМАТ УШЫН: Егер сизлердиӊ қандай да машқалаӊыз, пикир-усынысларыӊыз бар болса, исмиӊиз сыр сақланған жағдайда сизиӊ мүрәжатыӊызды ҚМУ дағы тийисли қәнигелерге үйренип шығыӯы ушын жиберемиз. Сизиӊ машқалаӊызды усы оқыӯ орныныӊ жуӯапкер қәнигелери қысқа мүддетте унамлы шешип бериӯге ҳәрекет етеди.

Мүрәжатларыӊызды телеграмм каналымызға жолласаӊыз болады.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер