Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрель ПҚ-2909-санлы ҳəм 2018- жыл, 5-июнь ПҚ-3775-санлы қарарларында көрсетилген шет елли алымлар менен оқыў, илимий ҳəм илимий педагогикалық байланысларды күшейтиў мақсетинде Беларус Республикасы Беларус мəмлекетлик университети Халықаралық қатнасықлар факультетиниң «Халықаралық ҳуқық» кафедрасы доценти Ю.А.Лепешковты усы жылдың 4-7-май сəнелери аралығында Юридика факультетиниӊ 2-рус топарларына Халықаралық ҳуқық пəнинен 28 саат көлеминде лекция сабағын өтти.
Беларус мәмлекетлик университети Халықаралық ҳуқық кафедрасы доценти Лепешков Ю.А.университетимиз ректораты, юридика факультети профессор окытыўшылыры менен ушырасты. Ушырасыў барысында Беларус мəмлекетлик университети ҳəм Қарақалпақ мəмлекетлик университети ортасында оқыў, илимий ҳəм илимий педагогикалық искерлик тараӯында бирге ислесиў бойынша келисип алынды.


