Бүгинги күнде музейлерге қызығыўшылық артып бармақта, бул халқымыздыӊ арасында тарийхымызға деген қызығыўшылықтан дерек береди. Халқымыз тарийхы жүдә бай болып, буларды келешек әўладқа жеткериў ушын ата-бабаларымыз жан тәни менен гүрескен. Оларды бүгинги күнде еслеў, олардыӊ ислеген ерликлерин келешек әўладқа жеткериў бәршемиздиӊ ўазыйпамыз есапланады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи ўатан еркинлиги ушын гүрескен ата-бабаларымыздыӊ мәртликлерин бүгинги күн халқымызға кеӊнен таныстырып келмекте ҳәм олардыӊ тарийхын мәӊгилестириў ушын хызмет етпекте. Буннан басқа да тарийхшы-илимпазлар, зийрек студентлер ҳәм басқа жәмийетимиз белсендилери ат салыспақта.
Музейдиӊ экспозицияларында жанлы тарийх сәўлеленген болып, музейимизге Республикамыздыӊ барлық ўәлаятлары менен бирге Қазақстан Республикасынан, сондайақ Белоруссия мәмлекетлик университетинен ю.и.к, доцент Лепешков Юрий Алексеевич, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы басшысы Минҳожиддин Ходжиматовлар мийманда болды. Келген мийманлар да қызығыўшылық пенен келип көрмекте. Бул өз-өзинен халқымыз бай тарийхқа ийе екенлигинен, ата-бабаларымыздыӊ ўатаны, халқы ушын ислеген ерликлериниӊ умытылмас екенлигинен дерек береди..






С.Нәдирбеков
Музей хызметкери