Дүньяға келиўи менен ҳәр кимниң алдында туратуғын тийкарғы мақсетлериниң бири келешекке қарай умтылыў, өзи жасап атырған жәмийеттиң белгили бир салмаққа ийе, өзин қоршаған адамларға жәрдеми тийе алатуғын, өзиниң ели ушын қандай да пайдалы болған абыройлы инсан болып жетисиў болып табылады. Усындай көз-қарас пенен қарайтуғын болсақ, саналы өмириниң дерлик барлығы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жасларға жоқары билим бериў ҳәм илим менен байланыслы болған, Өзбекстан Республикасындағы инглиз тилиниң тарийхы бойынша биринши қәниге-алым Генжемурат Тилеўмуратовтың мийнет жолы менен илимий-педагогикалық хызметлери көпшиликке өрнек бола алады.
Устазымыз Генжемурат Тлеумуратов 1951 жылы 25-мартта Тахтакөпир районы (ҳәзирги Қараөзек) 10-Қарабуға аўылында (ҳәзирги А. Досназаров хожалығы) зыялылар шаңарағында туўылды.
1958- жылы аўылдағы №11 Жданов атындағы мектептиң биринши классына барып, оны 1968-жылы айрықша баҳаларға тамамлаған.
1969-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Шет тиллери факультети инглис тили бөлимине оқыўға түсип, оны 1974 жылы питкереди. Сол жылы институттың инглис тили кафедрасына оқытыўшы етип қалдырылады ҳәм Москва қаласындағы Морис Торез атындағы Москва шет тиллери мәмлекетлик институтына 2 жыллық стажировкаға жибериледи. Стажировка дәўиринде белгили тилши профессор Т.А.Расторгуеваның инглис тили ҳәм тарийхы кафедрасына бекитилип, доцент Г.Г.Сорокина басшылығында инглис тили тарийхы курсына қатнаған. Бул курслар қатарында немис, рус, инглис тили әмелий курсларына қатнап сол тиллерди үйрениўге кирискен. Буннан тысқары кесте бойынша, тил билими ҳәм тарийхы тәлими бойынша проф. Г.В.Колшанский, А.Я.Шайкевич, Б.А.Ольховиков, инглис тил билими бойынша проф. Л.С.Бархударов, Т.А.Расторгуева, Р.В.Резник лекцияларын тыңлаған ҳәм стажировканы питкериў ҳәм аспирантураға кириў мәқсетинде «Инглис тилинде род категориясының диахрониялық анализи» деген темада илимий реферат («Диахронический анализ категории рода в английском языке») жазған. Мақсетли орын болмаўына байланыслы сол жылы аспирантураға ҳүжжет тапсырмаған.
1976-жылы жаңадан ашылған Т.Г. Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети факультетлер аралық шет тиллер кафедрасына оқытыўшы лаўазымына қабыл етиледи.
1978-1982 жыллары Ф. Энгельс атындағы Ташкент мәмлекетлик шет тиллери педагогикалық институтының аспирантура бөлимине оқыўға түседи. Аспирантура дәўиринде 2 жыл даўамында (1980-82) сол ўақыттағы илимий басшысы профессор В.Д.Аракинниң усыныс хаты бойынша Москва мәмлекетлик педагогикалық институтына командировкаға жибериледи. Кириў имтиханында илимий рефератына устазы проф. В.Д.Аракин «айрықша» баҳа қояды. Ол кисиниң басшылығында «Инглис тилинде атлықлар деривациясы системасында род категориясының диахрониялық сыпатламасы » деген темада илимий диссертация жумысын жазып тамамлайды. тилекке қарсы устазы проф. В.Д.Аракин 1983 жылы сентябрь айында (инсульт себепли) қайтыс болады.
Москва мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили профессорлар В.Д.Аракин, М.Я.Блох, И.Г.Кошевая ҳәм Г.В.Антрушиналардың инглис тили тарийхы, теориялық граматика ҳәм лексикология пәнлеринен лекция курсларын тыңлаған. Тағы бир айрықша жери устазымыз Г. Тлеумуратов институтта оқыған дәўирде инглис тилиниң тарийхы бойынша ҳеш мағлыўматқа ийе болмаған, ал оның илим изертлеў жумысы инглис тили тарийхына бағышланған, ҳәм бул көринисти дийханнын тың жерди өзлестирилиўине мегзетемиз. Себеби мектепте де инглис тили өтилмеген.
Аспирантураны тамамлағаннан соң 1983-1984 жыллары Республикалық муғәллимлердиң муғаллимлердин қәнигелигин жетилистириў институтында киши илимий хызметкер болып иследи ҳәм жумыслары бойынша Москва қаласындағы алымлар менен турақлы түрде бирге ислести.
1984-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Инглис тили кафедрасы»на инглис тили оқытыўшы лаўазымына конкурс тийкарында жумысқа қабыл етилип ассистент, үлкен окытыўшы ҳәм декан орынбасары лаўазымында жумыс алып барды.
1992-1995 жыллар аралығында гуманитар қәнигеликлери ушын шет тиллери кафедрасының баслығы лаўазымында иследи. 17 жыл даўамында (1995-2012жж.) Қарақалпақ мәмлекетлик университет жанындағы Регионаллық тиллерди үйрениў орайының директоры болып иследи.
Г. Тлеумуратов илимий-педагогикалық хызметлери менен бир қатарда, факультетимиздиң ҳәм университеттиң жәмийетлик турмысына белсене қатнасыўшысы сыпатында 1991-1993 жыллар аралығында университет көлеминдеги «Наўрыз» байрамларында Қарақалпақтың миллий косығы «Дәд әлиңнен» ди дуўтар менен атқарып ҳәм «Алты қыз минди арбаға» сценарийн шөлкемлестирип университет ректораты тәрепинен сыйлы биринши орынды ийелеўге мияссар болды.
Илимий-педагогикалық хызмети менен биргеликте 2011- жылы Самарқанд Шет тиллери институты жанындағы К 067.49.01 Қәнигелестирилген кеңесинде 10.02.04-Герман тиллери (инглис тили) қәнигелиги бойынша «Категория рода в системе деривации имен существительных в истории английского языка» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады.
Г. Тлеумуратов шет еллерде ҳәм республикалық журналларда 60 тан аслам илимий мақалалардың, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлық ҳәм оқыў әдебиятларының авторы. Шәкиртлери Г. Ешимбетова ҳәм Ф. Аташевалар менен биргеликте таярлаған «English Lexcicology in Module Аssignments» оқыў қолланбасы жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлигиниң грифин алыўға миясар болды. Оның шет ел журналларында илимий мақалалары, кең халық аралық, республика ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети көлеминдеги конференция материалларында тезислери ҳәм монографиялары баспадан шықты. Жоқары окыў орны талабалары ушын «Инглис тили сөзлиги» Нөкис-2005, «Инглис тили лексикологиясы» пәни бойынша лекция курсы –Нөкис «МирАзиз»- 2012, «Тransliterative Dictionary of English-Karakalpak Borrowings» Nukus-2019, «English Lexcicology in Module Аssignments» -Нөкис-2021, Жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлигиниң грифин алыўга мияссар болды. Nukus «Мир» 2020, «Категория рода в системе деривации имен существительных в истории английского языка» (монография)-Нөкис:«Илимпаз»-2021ж. «Lexicology of the English Language» Textbook. Nukus-2021, «Maxims of English and Karakalpak Speech Patterns» Nukus- 2021.
2014- жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Инглис филологиясы» кафедрасында доцент лаўазымында ислеп атыр.
Г.Тлеумуратов өзиниң ҳәзирги педагогикалық ҳәм оқытыўшылық хызметлери дәўиринде когнитивлик лингвистика, ҳәзирги заман лингвистикасы, паралингвистика ҳәм лингвистикалық анализ методлары бойынша лекция ҳәм ҳәзирги заман лингвистикасы тараўлары бойынша илимий изертлеў жумысларын алып бармақта.
Устаздың көп жыллық илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты тәрепинен бир неше реет ҳүрмет жарлықлары ҳәм алғыснамалар менен сыйлықланған.
Г. Тлеумуратов 2019-жылы Қарақалпақстан республикасы халық билимлендириў, ағласы көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Генжемурат аға өмирлик жолдасы Улмекен апа менен бирге 5 ул ҳәм 2 қызды тәрбиялар камалға келтирди. Перзентлериниң ҳәммеси ҳәр қыйлы жоқары оқыў орнын тамамлап, ҳәммеси белгили тараўларда өз кәсиби бойынша жумыс ислеп атыр.
Ҳәзирги ўақытта кишкене улы Абдимурат университеттиң Лингвистика (инглис тили) бөлимиң грант магистранты, Бердах атындағы стипендиат жеңимпазы олда келешекте әке жолын қуўып тилши илимпаз болмақшы.
Инглис тили тарийхы бойынша елимизде жетик алым ҳәм үлгили устаз Г. Тлеумуратовты 70 жыллық юбилей жасы менен университет жәмәәти ҳәм шәкиртлери атынан оған беккем ден-саўлық, узақ өмир. илимий-педагогикалық жумысларында тасқын табыслар тилеймиз!
Д.Т. Кубейсинова
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы доценти