«Китапқумарлық мәдениятын жетилистириӯ-
уллы мақсетлеримизге ерисиӯдиң тийкарғы кепили».
Ш. М.Мирзиёев.
Үшинши ренессанс дәӯирине қәдем қойыӯда жас әӯлад ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты жетилистириӯ арқалы шет тиллерин үйрениӯ, илимге қызығыӯы ҳәм IT– технологияларын меңгериӯинде профессор-оқытыӯшылар менен бир қатарда мәлимлеме-китапхана хызметкерлериниң де тийкарғы ӯазыйпаларының бири есапланады.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде илим-билимлендириӯди раӯажландырыӯ арқалы үшинши ренессанс дәӯирине қәдем қойыӯға айрықша итибар қаратылып атыр. Өз нәӯбетинде мәмлекетимиздиң, әсиресе илим-билимлендириӯ тараӯы ӯәкиллери, елимиздиң зиялыларының алдына қойған бул үлкен мақсетлеримизге жасларды илимли, жоқары әдеп-икрамлы, мәнаӯиятлы ҳәм саӯатлы-билимли етпей турып, ерисиӯ мүмкин емес. Ал билим-саӯат ҳәм илимди, әдеп-икрамлы болыӯды жасларымыз көбинесе китаптан алады.
Жасырарлығы жоқ соңғы ӯақытларда интернет-коммуникацияларының тез пәт пенен ен жайып, турмысымыздың барлық тараӯларына сиңип баратырғанлығы себепли көпшиликтиң, әсиресе жаслардың мәлимлеме-ресурс орайларында саатлап китап оқып атырғанын дерлик көрмеймиз. Бул бойынша жаслардың өзлерине айтқан ӯақтымызда “аудио китаплардан тыңлаймыз, даӯамын интернеттен оқыймыз”-деген сөзлерин еситемиз. Билим алыӯға керекли мағлыӯматларды заманагөй байланыс тармақларынан пайдаланыӯ арқалы китап оқыӯ, аудио китаплар тыңлаӯ жаман емес, бирақ бул процесс китапты қолға услап оқыӯдағы тәсирлер, сезимлерди, әдебий китаптағы қаҳарманлардың образлары менен китапты оқыӯ даӯамында бирге “жасаӯды” ал, илимий китапларды оқыӯда болса, жаңа идеялардың, жеке пикир ҳәм басламалардың жүзеге келиӯине мүмкиншиликлерди пайда етеди, деп айта алмаймыз.
Жоқарыдағыларды итибарға алып китапқумарлықты жедел раӯажландырыӯ, мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды. Мәлимлеме-китапхана тараӯында усы күнге шекем бир неше Президент пәрман ҳәм қарарлары, Нызамлар, ҳүкимет қарарлары, қабыл етилип, тараӯ жумысларының бир қанша алға илгерлеӯине себеп болды. Мәлимлеме-китапхана тараӯы искерлигиниң негизлери жаратылып, тараӯда мийнет етиӯшилерге итибар қаратыӯ ҳәм қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде Олий Мәжлис Сенатының тастыйықлаӯы менен 21-май мәмлекетимизде «Китапханашылар күни» деп белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2019 жыл 7-июньдағы ПҚ-4354-санлы қарары тийкарында 2019-2024 жылларда Өзбекстан Республикасында мәлимлеме-китапхана тараӯын раӯажландырыӯ концепциясы ислеп шығылды. Усы Концепция тийкарында тараӯда системалы орынланыӯы керек болған барлық мақсетли ӯазыйпалар белгилеп берилген. Ўазыйпалардың ең әҳмийетлиси, жәмийетте жоқары руӯхый қәдириятлардың ен жайыӯы, мәлимлеме-китапхана орынлары алдына шахсқа итибарды күшейттириӯ, оның улыӯма мәдений дәрежесин арттырыӯ, мәнаӯиятын жоқарылатыӯ, әдеп-икрамлы етип тәрбиялаӯ ҳәм заманагөй билимлерди өзлестирип барыӯ ӯазыйпасын қояды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен оқыӯ орнында китапқумарлықты раӯажландырыӯ бойынша барлық факультетлердиң жуӯапкерлерин, бөлимлер, кафедралар баслықлары ҳәм 5 басламаның 4-бағдары-жаслар мәнаӯиятын жоқарылатыӯ, олар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыӯ бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириӯге қаратылған басламасы тийкурында, китапқумарлықты еледе раӯажландырыӯ бойынша бир неше усынысларымызды билдириӯ арқалы әмелий бирге ислесиӯге шақырамыз. Студент жасларды бул бағдардағы ислеримизге толық қамтып алыӯ ҳәм бул үгит-нәсиятлаӯ иләжларына олардың өзлеринен де кеңнен пайдаланыӯ зәрүр.
Усынысларымыз төмендегилерден ибарат:
-Студент жаслар, профессор-оқытыӯшылар ҳәм китапханашылар қатнасында тәсиршең видеороликлер таярлатыӯ
-Қосымша стипендия алатуғын студентлердиң имканиятынан, белсенди искерлигинен турақлы пайдаланыӯ;
-Үгит-нәсиятлаӯ жумысларын түрли формаларда системалы жетилистириӯ
– Кафедралар менен ислесиӯ;
-5 басламаның 4-басламасына жуӯапкерлер менен ислесиӯ;
-Илимий дөгереклерге басшы хәм ағза студентлер менен кафедралар, мәлимлеме-ресурс орайы оқыӯ залларында түрли темаларға байланыслы илажлар өткериӯди жетилистириӯ;
-Жергиликли социаллық тармақларда китапқумарлықты раӯажландырыӯ бойынша тәсиршең видеороликлерди жарытыӯ;
-Ең көп китап оқыӯшы студентлер, оқытыӯшылар ҳәм сырттан келип оқыӯшылар арасында турақлы рәӯиште викториналар, жарыс ҳәм таңлаӯлар өткерип барыӯ ҳәм жеңимпазларды хошаметлеӯ
Улыӯмаластырып айтқанда, жоқарыдағы пикир ҳәм усынысларымызды, керек болса буны ректордың буйрығы тийкарында арнаӯлы тапсырма етип белгилеп берилсе көплеп профессор-оқытыӯшылар, техник хызметкерлерге ийе үлкен жәмәәт ҳәм 20 мыңнан аслам студент жаслары бар сондай ақ, ҳәр жыл сайын Республикамыздың барлық тараӯларына мыңлап қәнигелер жетилистирип беретуғын уллы оқыӯ дәргайы алдына қойған әҳмийетли ӯазыйпа болады. Өйткени, үшинши ренессанс дәӯирин қурыӯдай уллы мақсетлеримизге жоқарыда сөз еткенлеримизди ислемей турып, ерисе алмаймыз. Соның ушын миллет тәғдирине, мәмлекеттиң ертенги күнине бийпарӯа болмаған ҳәр бир инсанды бул жолда «Бир жағадан бас, бир жеңнен қол» шығарып, жақсы ийгиликли баслама көтерип, заманагөй инновациялық идеялары, пикир-усыныслары бар, китапқумарлық мәдениятын раӯажландырыӯға жаңалық киргизетуғын жанкүйерлерди биргеликте ислесиӯге шақырамыз.
Мәлимлеме-ресурс орайы методисти
Гүлбахар Қазақбаева