2021-жыл 21-май күни оқыў ҳәм илимий процесин жаңа әўлад ҳуқықтаныўшыларының әмелий сабақлары менен бирлестириў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген суд залында Қарақалпақстан Республикасы Тахятас районы Жынаят ислери бойынша суды А.Қошанов тәрепинен ашық суд процесслери өткерилди.
Суд процесинде юридика факультети 104- топар студентлери қатнасты. Суд процеси даўамында судья тәрепинен ҳәзирги күнде суд системасында болып атырған реформалар ҳәм район аймағында ушырасып атырған жынаят ҳәм ҳәкимшилик ислерге суд тәрепинен қандай жазалар тайынланып атырғаны ҳаққында айтып өтилди, студент жаслар тәрепинен судья А.Қошановқа бир неше өзлериниӊ қызықтырған сораўлары берилип тийисли жуўапларын алды.
Буннан соӊ сол күни район аймағында ушырасып атырған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген пуқаралардыӊ ислери бойынша көшпели ашық суд мәжлиси болып өтти.


