Министр А. Тошқулов Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ турмысы менен танысты

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов 24-май күнги Қарақалпақстанға сапары даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Ушырасыӯда  Министр А. Тошқулов университет ректоры А.Реймов пенен сәӯбетлесип,  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ турмысы менен жақыннан танысты.

Қысқа ушырасыӯ даӯамында, министр университетте студентлер ҳәм профессор оқытыӯшылар ушын жаратылған шараятлар, студентлердиӊ турар жайы менен тәмийинлениӯ дәрежеси, сондай-ақ, 2021-2022-жылларда қурылысы режелестирилип атырған  студентлер турар жайыныӊ қурылыс режелери менен танысты.

Министр А.Тошқулов Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде нәтийжели алып барылып атырған жумысларға ҳәм көплеген бағдарларда жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанын жоқары баҳалады.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер