Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жәмийетимиздиң билимли ҳәм қәбилетли жасларына кең мүмкиншиликлер жаратып берилмекте. 2018-жыл 25-сентябрдеги қәнигелерди шет еллерде таярлаў бойынша “Эл-юрт умиди” фондын шөлкемлестириӯ ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул пәрманның қабыл етилиӯи елимиздиң жарқын келешеги, журтымыздың үмити ҳәм исеними болған қәбилетли ҳәм билимли жасларымыз ушын шет елде тәлим алыў ҳәм тәжрийбе арттырыўы ушын кең имканиятлар есигин ашып берди.
2021–жыл 20–январь күнинен баслап Өзбекстанның билимлендириў ҳәм илим – изертлеў тараўларында мийнет етип атырған жас алымлары ушын математика, химия, биология ҳәм геология бағдарлары бойынша 250 орынға мөлшерленген таңлаў жәрияланған еди. Бул таңлаўға Қарақалпақстаннан, соның ишинде университетимизден де бир неше профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Таңлаўда Химия-технология факультети Физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедрасы доценти, химия илимлери кандидаты Аманбай Пирниязов Химия бағдары бойынша жеңимпаз деп табылды ҳәм шет елде 2 ай тәжирийбесин асырып келиў имканиятын қолға киргизди.
2021-жыл май айының 21 сәнесинде Мәмлекетлик басқарыў академиясында жеңимпазларға салтанатлы түрде сертификатларды тапсырыў илажы өткерилди. Өз гезегинде факультет жәмәәти де Аманбай Пирниязовты жеңимпаз болыўы менен қутлықлап, оған илимий жумысларында табыслар тилейди.


Химия-технолгия факультети 2-курс студенти
Куздибаева Нилуфар.