«Шет тиллерин билиў жәҳәнге жол» дегениндей Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап-ақ, елимизде шет тиллерин үйрениўге үлкен итибар қаратылып келинбекте. Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың усы жылы 19- май сәнесинде тастыйықлаған «ϴзбекстан Республикасында шет тиллерди үйрениўди ғалабаластырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жүдә әҳмийетли қарар болып, дәўир талабына сай тараўға, сондай-ақ жәмийет раўажланыўына тийисли актуаль мәселелердиң шешими болып табылады. Себеби бул қарар «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасына муўапык шет тиллерди үйретиўди тәлим сиясатының ең жокары әҳмийетли бағдары сыпатында раўажландырыў, усы бағдарда тәлим сапасын асырыў, бул тараўға тәжирийбели педагогларды қамтыў ҳәм де халықтын шет тиллерин үйрениўге болған қызығыўшылығын асырыўды мақсет етип койған. Қарардың орынлыныўы бойынша ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Шет тиллерин уйрениўди ғалабаластырыў агентлигиниң дүзилиўи бул қарардың жаңалығынан ҳәм сиясат дәрежесинде актуаллығынан дерек береди.
Карарда шет тиллерин оқытыў тараўында «бакша-мектеп-жоқары оқыў орны – кәрхана» үзиликсиз тәлим шынжырын орнатыў бойынша халықтын барлық қатламларына сай болған тилди үйрениў бойынша инновациялық методика ҳәм усынысларды ислеп шығыўды муўапыкластырыў мәселесиниң койылыўы жокары оқыў орны профессор- оқытыўшылыарынан ҳәр бир қатлам бойынша ҳәзирги ўақытта тил үйрениўде қолланылып атырған методларды үйренип шығып, олар бойынша шет тиллерин үйретиўде ең сапалыларын сайлап алып, оларды қайта ислеп шығып ҳәм жана инновацион усылларды сол тараў қәнийгелери менен биргеликте ислеген ҳалда әмелиятқа енгизиўде белсендилик көрсетиў талап етеди.
Аўдарма мәселесинде қарақалпақ тилинен шет тиллерге ямаса шет тиллерден қарақалпақ тилине аўдарыўда жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары тәрепинен бир қатар ислер әмелге асырылмакта. Сонын менен бир қатарда, тилекке қарсы мактаныш ететуғын мийнетлеримиз азшылыкты қурайтуғынлығын айтып өтиў керек. Сонлықтанда қарарда көрсетилген мәмлекетлик тиллерден шет тиллерине ҳәм шет тиллеринен мәмлекетлик тиллерге профессионал аўдармалаў усылларын жаратыў ҳәм усы бағдарда жумыс алып барыўшы кадрлардың қәнийгелигин жетилистириў мәселесиниң койылыўы бул – дәўир талабы екенлигин ҳәм бул бойынша ис-илажлар режесин ислеп шығыўымыз, шет тиллерде жазылган кымбатлы илимий, әдебий материалларды қарақалпақ тилине ҳәм қарақалпақ халқынын бай әдебий мийрасы болған дүрдана шығармаларын дунья тиллерине аўдармалаў бойынша жумысларды профессионал дәрежеде раўажландырыўымыз дәркар.
Бул қарарда шет тиллерин окытыўдын сапасын еле де арттырыўға үлкен итибар каратылған. Мәселен, 2021-2022 оқыў жылынан баслап улыўма билим беретуғын мектеплер тийкарында шет тиллерин оқытыўға кәнийгелестирилген 207 мектептиң шөлкемлестирилиўи, 2021 жыл 1 сентябрьден баслап шет тиллерин окытыў бойынша ең жақсы нәтийжелерге ерискен мектеплерди хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасынын шөлкемлестирилиўи шет тиллерин үйретиўде нәтийжелиликке ерисиўде үлкен тәсир тийгизиўи сөзсиз.
Шет тиллерин оқытыў тараўына тәжирийбели кадрларды қамтыў ҳәм тараў кәнийгелериниң компетентлигин асырыў максетинде 2021-2022 оқыў жылында шет тиллерин оқытыўға қәнийгелестирилген жокары оқыў орны кабыллаў параметрлерин 2 есеге, мамлекетлик грант тийкарында кабыллаў 3 есеге асырыў көзде тутылған. Бул әлбетте, мектеп питкериўшилерине берилип атырған кең имканият болып табылады.
2022-2023 оқыў жылынан баслап шет тиллерин оқытыўға қәнийгелестирилген жоқары оқыў орны питкериўшилери тәрепинен мәмлекетлик имтиханларын тапсырыў менен бир катарда миллий яки оған теңлестирилген жетекши халықаралык баҳалаў арқалы олардын шет тилин билиў дәрежесин анықлаўды жолға койыў кереклиги көрсетилген. Бул болса талабаларымыздың шет тилин үйрениўге болған қызығыўшылығын ҳәм жуўапкершилигин және де арттырады.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарар шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары бойынша алға койылған мәселелер жүдә әҳмийетли ҳәм олардың орынланыўы елимиздиң экономикасын раўажландырыўда сырт елли тәжирийбели кадрлар менен бирге ислесиўде, жәҳән аренасында мүнәсип орын ийелеўимизде ҳәм ҳәр тәреплеме илимли, билимли, инновациялық идеяларға бай қәнийгелерди жетилистириўде үлкен роль ойнайды.
Хаджиева Д.Т., ҚМУ инглис тил билими
кафедрасы доценти