Бүгин, 28-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультетинде «Физика илиминиң техника тараўындағы тутқан орны» атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университети илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И. Турдымамбетов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 19-марттағы ПҚ-5032 санлы “Физика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий изертлеўлерди раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ ҳәм Физика пәни бойынша билимлендириў сапасын түптен асырыў, жоқары кѳнликпеге ийе педагог ҳәм илимий хызметкерлерди таярлаў, оқыў орынларын заманагѳй лабораториялар, сабақлықлар ҳәм басқа оқыў инвентарьлары менен тәмийнлеў, илимий шѳлкемлердиң потенцалын раўажландырыў, олардың искерлигин эффектив шѳлкемлестириў, илим-пән ҳәм ислеп шығарыў тараўлары ортасында ѳз-ара жақын байланыс ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл, 29 декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжаатнамасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген конференция онлайн тәризинде алып барылды. Оған Өзбекстан Республикасыныӊ жоқары оқыӯ орынларынан ҳәм соныӊ менен бирге Норвегиядағы Энергетикалық технологиялар институты профессоры Смағул Қаражанов өзлериниӊ баянатлары менен қатнасты.
Конференцияныӊ тийкарғы бағдарларында төмендеги мәселелер сөз етилди:
Ярымөткизгишлер электроникасы;
Энергетиканың заманагөй машқалалары;
Конденсирленген орталықлар физикасы;
Инновациялық технологиялар ҳәм санаат қәўипсизлигиниң метрологиялық тәмийинленгенлиги;
Физиканы оқытыў методикасы

Бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Физика”, “Энергетика”, “Электроэнергетика”, “Электротехника, электромеханика ва электр технологиялары”, “Метрология, стандартластырыў ҳәм ѳним сыпаты менежменти” тәлим бағдарларында кадрлар таярлаў жолға қойылған. Ҳәзирде усы бағдарларда 1000 нан артық бакалавр басқышы студентлери билим алмақта, оларға 50 ден зыят профессор оқытыўшылар билим бермекте.
Бүгинги конференция студентлеримиз ушын әмелиятта ийелеген билимлерин теория менен үзликсизлигин тәмийнлеўде, профессор-оқытыўшылар, жас илимпазлар, илимий изертлеўшилер ушын болса, илимий объектиниң бир бѳлеги ўазыйпасын ѳтейди деп ойлаймыз.
ҚМУ Баспасөз хызмети.