Юридика факультети «Street law» топар ағзалары “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўда ҒХҚның  роли” темасында семинарда қатнасты

2021-жыл 28-май күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги имаратында “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўда ҒХҚның  роли” темасында семинар болып өтти.

Илажда Әдиллик министрлиги жуўаплы хызметкерлери ҳәм юридика факультети «Street law» топар ағзалары қатнасып, ҳуқықый темаларды жарытыўда нызам нормаларына әмел етиў, мәлимлемени жарытыўда ҳуқық, жуўапкершилик мәселелери бойынша түсиндириўлер берилди.

Семинарда ғалаба хабар қураллары, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм юридика факультети «Street law» топар ағзалары менен биргеликте жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша иләжларды әмелге асырыў бойынша режелер дүзип алып, келешекте алдыға қойылған мәселелер бойынша кеңнен сәўбетлер өткерилип, усыныслар берилип, семинар жуўмағында сораў-жуўаплар берилип тийисли қәнийгелер тәрепинен жуўаплар берилди.

 

Пайдалы дереклер