Шахноза Халықаралық  таңлаўда жеӊимпаз

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ  Физика факультети электр техникасы ҳәм метрология кафедрасы студенти, БМТ ның жаслар мәсләҳәтшиси, Өзбекстан Волонтёрлар Ассоциация ментори  Шахноза Қуатова Қазақстанның Нурсултан қаласында өткерилген   «III Международное издание» атлы Халықаралық  таңлаўда қатнасты ҳәмде таңлаў нәтийжелерине бола университетимиз студенти Шахноза Қуатова илимий жумыслары, қолға киргизген жетискенликлери есапқа алынып, 1 орынға ылайық деп табылды ҳәм ол «Лучший молодые учёные-2021» көкирек нышаны ҳәм 1 дәрежели Диплом менен сыйлықланды.

Бул жойбардың тийкарғы мақсети -ҒМДА мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынлары студентлерин қоллап-қуўатлаў, илим-пән, техника раўажланыўына үлес қосып киятырған жасларды анықлап, оларды мүнәсип турде хошаметлеў болып есапланади.

 Шахноза Қуатованы бул улкен табысы менен шын кеӯилден  қутлықлаймыз! Өз гезегинде Шахнозаның илимий басшысы техника илимлери философия доктори (PhD) Абубакиров Азизжан Базарбаевичти шәкиртиниң жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Физика факультети

Пайдалы дереклер