Қурылыс факультети ҳәм Экономика факультети ҳаял-қызлар кеңеси жетекшилери Нөкис қаласында жайласқан «Гулзар» мәкән пуқаралар жыйынына барып, бул жерде ҳаял-кызлар мәселелери бойынша МПЖ баслығыныӊ биринши орынбасары Н.Сатуллаева ҳәм сол аймақтағы жасаўшы «Ҳаял қызлар» дәптери, «Темир» дәптер ҳәм «Жаслар» дәптерине дизимге алынған, үйинде бос отырған жумыссыз ҳаял-қызлар менен биргеликте ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында Қурылыс факультети ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси Р.Пахратдинова ҳәм Экономика факультети ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси Э.Маденовалар сол мәҳәлледеги үйинде бос отырған жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм олардын бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде университетимиздеги ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятлар, студент қызлар ушын «Қызларжан» клубы жанынан шөлкемлестирилген «Тигиў» цехы, «Қол өнери» дөгереги ҳәм «Аспазлық» дөгерегиниӊ ислеп турғанлығы ҳаққында сондай-ақ, мәҳәлле ҳаял-қызларыныӊ сол дөгереклерге барып өнер үйрениў ушын жоқары оқыў орынларында жаратылған шараятлардан кеңнен пайдаланыў мүмкиншиликлери ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыў даўамында «Гулзар» мәкән пуқаралар жыйынында жасаўшы ҳаял-қызлар өзлериниӊ кызықтырған сораўларын берди ҳәм тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Қурылыс факультети ҳаял-қызлар
кеңеси жетекшиси Р.Пахратдинова