Университет ректоры Тақыятас районындағы «Балалар үйи»ндеги кишкенелердиӊ қуӯанышы менен бөлисти

Дәслеп хабар бергенимиздей университет ректоры пайтахтымыздағы «Imkan» реабилитация орайы балаларын байрам менен қызғын қутлықлады.

«Бала қуӯанса әлем қуӯанады» дегендей бүгинги байрам мүнәсибети менен балаларға байрам қуӯанышларын инам етиӯдей саӯаплы ислер даӯам етти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов Тақыятас районындағы «Балалар үйи»не барып, бул жерде тәрбияланып атырған кишкенелерди  1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаӯ күни» байрам кешеси ҳәм сүннет тойлары өткерилип атырған балаларды қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Оларға байрам саӯғаларын тапсырды.

Балалар қуӯанышында шек жоқ. Үлкенлердиӊ меҳири ҳәм итибарынан заӯықланған кишкенелеримиз  өзлериниӊ байрам тамашаларын инам етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер