ӨМИРИМИЗ ДАЎАМШЫЛАРЫ МУДАМЫ ҲҮРМЕТ ҲӘМ ИТИБАРДА

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жас нәрестелерге саӯғалар үлестирилип, балаларымызды қуӯантыӯдай саӯаплы ислер әмелге асырылды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде хызмет ислеп атырған бир қатар шаӊарақ перзентлерине университет ректораты ҳәм Кәсиплик аӯқамы тәрепинен байрам саӯғалары тапсырылды.

-Бүгин пүткил дүнья жүзи балалары ушын куўанышлы байрам. Усындай байрамда бизиӊ перзентлеримизге үлкен итибар менен қарап, Университет жәмәәти балаларымызға арнап саӯға инам етип атыр. Бул жумыстан үйимизге барғанымызда алдымызға жуӯырып шығатуғын перзентлеримиз ушын бир әлем қуӯаныш болды, дейди кәсиплеслеримиз өз миннетдаршылығын билдирип.

Балалардыӊ байрамында олар ушын үлестирилген байрам саӯғасы  өмиримиз даӯамшыларына болған ҳүрмет ҳәм итибар болып табылады.

 

А.АЛЛАЯРОВ.

ҚМУ Кәсиплик аӯқам баслығы.

 

Пайдалы дереклер