Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры «Imkan» реабилитация орайына барды

1-июнь Халықаралық балаларды қорғаӯ күни мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов Нөкис қаласында жайласқан «Imkan» реабилитация орайына барып, бул жерде емленип атырған балаларымызға байрам саӯғасын тапсырды.

  Балалар өмиримиздиӊ мазмуны, көзлеримиз қуӯанышы ҳәм  келешегимиз ийелери. Олардыӊ қәлбине қуӯаныш инам етиӯ арқалы кеӯиллеринде жаӊа үмит оянып, ертеӊги күнге үлкен исеним тырнағы қаланады.

Бул Халықаралық балаларды қорғаӯ күнине бағышланған байрам ушырасыӯы  кишкенелердиӊ байрам тамашалары менен даӯам етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер