Мәҳәлле ҳаял-қызлары  арасында  спорт жарыслары шөлкемлестирилди

Мәҳәллелердеги «Темир дәптер»,  «Ҳаяллар дәптери»нде  турған  ҳаял-қызларымыз  арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаӯ арқалы олардыӊ спортқа болған қызығыӯшылығы артып бармақта.

Ѳзбекстан  Республикасы  Президентиниң  2020-жыл, 30-октябрь күнги «Саламат  турмыс  тәризин кең  ен  жайдырыӯ  ҳәм  ғалабалық  спортты  жәнеде  раўажландырыў  ис  илажлары  ҳақында»ғы  ПП -6099 санлы пәрманларын  орынланыӯ  мақсетинде    Нѳкис қаласы   «Айдын жол» МПЖда  «Темир дәптер»,  «Ҳаяллар дәптери»нде  турған  ҳаял-қызларымыз  арасында саламат турмыс тәризин еледе күшейтиӯ мақсетинде усы мәҳәлле аймағында  жайласқан «Спорт комплекс»инде ашық ҳаӯада  өткерилетуғын  спорттыӊ  «Волейбол»  ҳәм «Баскетбол» түрлеринен  ѳз-ара  дослық  жарысы   болып  ѳтти. Жарысты  шөлкемлестирген ҳәм әдил баҳалап  барыӯ ушын    Карақалпақ  мәмлекетлик  университетиниң  «Дене  мәденияты  теория  ҳәм  методика»  кафедрасы  аға  оқытыӯшысы Ольга Юриевна Ниязова   басшылыққа  алып, жарыс  жуӯмағында жеӊимпаз  командаларды  жетискенликлери менен  қутлыклап  ѳтти. Буннан  соӊ  «Айдын  жол» МПЖ баслығыныӊ  хаял-қызлар   менен  ислесиӯ  бойынша   орынбасары А.Сейдабуллаева   спортты    хаял-қызларымыз  арасында  еледе  кең  ен  жайдырыў  ҳәм  саламат  турмыс  тәризин  қәлиплестириӯ бойынша пикир  усынысларын билдирди.

       Жеӊимпаз  командалар   ҚМУ  «Дене  мәденияты теория хәм методика» кафедрасы тәрепинен «Ҳүрмет   жарлық»лары ҳәм қымбат  баҳалы  саӯғалар менен сыйлыкланды.

 

 

 

Пайдалы дереклер