Дағаза!!!

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети тәрепинен «Өзбекстанда экологиялық тәлимниң актуал мәселелери» темасында өткерилетуғын илимий-әмелий конференцияға мирәт етемиз.

Конференцияның мақсети: адамныӊ экологиялық мәденияты нәтийжелилигин асырыў менен байланыслы мәселелерди үйрениў, экологиялық тәлиймат, билим ҳәм тәрбия мәселелери хәмде олардың сапасын жақсылаў мүмкиншиликлерин үйрениў.

 

Конференция секциялары:

 

  1. Өзбекстан Республикасы “Билимлендириӯ ҳаққында ”ғы ҳәм “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы нызамлары, Өзбекстан Республикасында экологиялық тәлимди раўажландырыў Концепциясы, 2030-жылға шекем болған Өзбекстан Республикасында әтирап-орталықты қорғаў Концепциясына муўапық үзликсиз тәлим системасында экологиялық тәлийматтың тийкарғы принциплерин әмелге асырыў.
  2. Мектепке шекемги тәлим ҳәм Халық билимлендириӯи системасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў теориясы ҳәм әмелияты. Экологиялық сананы қәлиплестириўдиң инновациялық тәжирийбесин асырыў. Экологиялық тәлимниң заманагөй технологиялары.
  3. Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ушын экология саласындағы қәнигелерди кәсиплик таярлаў мәселелери.
  4. Өзбекстан халқыныӊ экологиялық мәдениятын жоқарылатыӯда мәмлекет, жәмийетлик ҳәм жаслар шөлкемлериниң өз-ара шериклиги.

 

 Конференция жобасы ҳәм материаллары комплексиниң электрон версиясы баспадан шығарылады. Сол мүнәсибет пенен конференцияда қатнасыў ушын 2021-жыл 15-июнь күнине шекем төмендеги талаплар тийкарында тезислерди усыныўыңызды сораймыз:

  1. Материаллар жазба формада (А4 формат ) ҳәм электрон көринисте усыныс етиледи. Файл форматы “Документ Word”, шрифт Times New Roman, кегль 14, интервал – 1,5 болыўы керек.
  2. Мақала аты, фамилия ҳәм аты, әкесиниң аты бас ҳәриплери, шөлкем аты (шрифт ярым қара ) – бет орайында жайласқан болыўы керек.
  3. Тийкарғы текст шрифти 1,5 интервал қатарларда жазылады. Текслеў – орай бойынша, сөзлер көширилиўи – автоматикалық түрде.
  4. Пайдаланылған әдебиятлар дизими – тийкарғы тексттен кейин жазылады.
  5. Тийисли әдебиятқа белги қылыў квадрат формасындағы қаўыс ишинде болыўы ҳәм текст соңындағы әдебият номер саны № ҳәм бет номери № көрсетилиўи керек.
  6. Мақала көлеми 3-5 беттен ибарат болыўы керек.
  7. Конференцияда қатнасыў ушын төлем алынбайды.
  8. Конференция рәсмий тиллери – өзбек, рус, инглиз тиллери.

 

Байланыс ушын телефон номерлери: 71 239 26 59, 71 239 85 36. 

Эл.почта: s.begiev@parliament.gov.uz

Пайдалы дереклер