ϴзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Профессионал тәлим системасын жәнеде жетилистириўге қараслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында» ғы ПФ-5812-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2021-жыл, 6-февраль күни «Университетке бириктирилген техникумларды оқыў-методикалық қоллап-қуўатлаў ҳаққында» Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ буйрығы шықкан еди. Усы буйрықтыӊ 1-қосымшасына муўапық Әмиӯәрья инженерлик техникумы «Жеӊил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы (ислеп шығарыў түрлери бойынша)» ҳәм де Қоӊырат санаат техникумы «технологиялық машиналар ҳәм үскенелер (тармақлар бойынша)» қәнигеликлерине бириктирилип, ислениўи керек болған ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, Санаат технологиясы факультетиниӊ профессор оқытыўшылары С.Айтымбетов ҳәм А.Жолдасовалар усы жылдыӊ 15-июнь сәнесинде Әмиӯәрья инженерлик техникумында, А.Мәмбетшерипова, З.Рейпназарова, Н.Юсупова ҳәмде Ж.Бабажановлар 16-июнь сәнесинде Қоӊырат санаат техникумында болып, техникум жәмәәти менен ушырасыўлар өткерип келди.
Ушырасыўдыӊ мақсети жаӊа оқыў жылында бирге ислесиў режелерин ислеп шығыў болып, бул режеде тийкарынан пәнлер кесиминде электрон оқыў материалларды ислеп шығыў, методикалық қолланбалар таярлаў, оқытыўшыларға пән жаӊалықларын берип барыў ҳәм де оқыў методикалық қолланбаларды жаӊалап барыў илажлары көзде тутылған.
Ушырасыў соӊында жаӊа оқыў жылы ушын нәзерде тутылған режелер ислеп шығылып, ислениўи керек болған ис-илажлар, содай-ақ, тәреплердиӊ ўазыйпалары белгиленип алынды.



Санаат технологиясы факультети
жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары
Ш.Мусиров