Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен мәмлекетлик тилдиӊ халқымыздыӊ социаллық турмысында абыройы ҳәм орнын және де арттырыӯ, өсип киятырған жасларымызда Ўатан сүйиӯшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабалардыӊ бай мийрасларыныӊ даӯамшысы руӯхында тәрбиялаӯ жумысларында белсендилиги ушын  Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор оқытыӯшылары Ф.Бабаджанов. Н.Алламуратов, Н.Қлычев, З.Оразымбетова, Н.Янгибаевалар Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы министрликлер, басқарма, мәкеме ҳәм район (қала) ҳәкимликлериниӊ интернет сайтлары ҳәм телеграм каналларын үйрениӯ жумысларын алып барыӯда университет профессор оқытыӯшылары исшеӊлик көрсетип, өзлериниӊ үлесин қосты.

  Профессор оқытыӯшыларымыздыӊ бул мийнети жоқары баҳаланып, Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

 

 

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер