Жоқары оқыў орынларында кадрлар таярлаў ҳәм билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға жаңаша қатнас жасаў

 Усы жылдың 16-июнь күни мәмлекетимиз Президентиниң басшылығында өткерилген жоқары билимлендириў системасындағы баслы (тийкарғы) ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде жоқары билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери, сондай-ақ бул тараўдағы бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер, олардың шешими бойынша усынысларға тоқталып өтилди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бүгинги күнде жоқары оқыў орынларындағы 815 тәлим бағдарының 55 пайызы мийнет базары талапларына жуўап бермейтуғынлығын, 2 мыңға жақын пәнлер бойынша оқыўлықлар менен тәмийинленбегенлиги, айырым пәнлердиң оқыў бағдарламалары 40 жыл алдыңғы пән ҳәм бағдарлар бойынша дүзилгенлигин сын көз-қарастан келтирип өтти.

Усы сыяқлы машқалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жоқары билимлендириў системасындағы барлық жуўапкерлер алдына 4 баслы (тийкарғы) ўазыйпа белгилеп берилди. Буннан былай, жоқары оқыў орынлары басқарыў кеңеслериниң роли арттырылып, кафедралардың ўәкилликлери кеңейттириледи. Оқыў процесси базар талапларына масластырылып, өндирис пенен тығыз байланыс тәмийинленеди. Студентлердиң өз үстинде ислеўлери ушын қолайлы орталық жаратылады. Жоқары оқыў орынларының илимий потенциалын арттырыў, илим-пән ҳәм инновацияны раўажландырыў ҳәмде профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын қағазпазлықты кемейтиў, тараўды санлы технологиялар тийкарында басқарыў арқалы бюрократия ҳәм коррупцияны кескин қысқартыўға қаратылған реформалар әмелге асырылады.

Ең тийкарғысы видеоселектор мәжилисинде жоқары окыў орынларының илимий потенциалын арттырыўға айрықша тоқталып өтилди. Келеси жылдан докторантураға қабыллаў квоталарының саны 2 есеге, оннан кейинги жылларда ҳәр жылы 50 пайызға арттырып барылады. Буның ушын ҳәр жылы бюджеттен қосымша 100 миллиард сум, ҳәр бир тармақ болса өз тараўына тийисли жоқары оқыў орынларына докторантлар квоталары ушын және яна 10 миллиард сумнан қаржы ажыратады.

Президентимиз тәрепинен берилип атырған исенимге мүнәсип болып, жоқарыда келтирилген ўазыйпаларды орынлаўға  ҳәр биримиз өз миннет ҳәм жуўапкершилигимизден келип шыққан ҳалда үлес қосыўымыз керек. 

 

Экономика факультети деканы:    Т.Жиемуратов

 

Пайдалы дереклер