Өзбекстанның ғәрезсизликке ерискенине отыз жыл болды. Бирақ, мине усы қысқа дәўир ишинде халқымыз ҳақыйқатында да уллы жолды басып өтти. Президентимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме пуқта ислеп шығылған, избе-излик пенен әмелге асырылып атырған Өзбекстанның бийғәрез прогресс стратегиясы, раўажланыў жолы бар. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы, бирақ, усы дәўир аралығы тарийх ушын қысқа болса да, буған аңсатлық пенен ерисилгени жоқ. Ғәрезсизлик халқымыздың ҳәр бириниң өмирине жаңаша мазмун, турмысына пәраўанлық алып кирди. Сол себепли ғәрезсизлик халқымызға еркинлик ҳәм азатлықты, ҳәммеге өзлигимизди аңлаў туйғысын берген, Ўатанымыз тарийхында ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайтуғын уллы сәне болып табылады.
Ғәрезсизлик жылларында ерисилген жеңис ҳәм табыслар негизинде ғәрезсизликтиң жемисиниң қәдир-қымбаты бар. Себеби елимиздиң раўажланыўына бағдарланған реформалар инсанның бахытлы пәраўан турмыста жасаўы ушын хызмет ететуғынын ҳәр биримиз терең сезинемиз ҳәм өзимиз оның гүўасы болмақтамыз. Ғәрезсизлик жылларында басып өткен жолымызға нәзер тасласақ, ертеңги күнимизге, өзимиздиң күш ҳәм имкәниятларымызға болған исенимимиз жәнеде артпақта. Мәмлекетимизди раўажландырыўдың Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық барлық тараў ҳәм тармақларда әмелге асырылып атырған реформалар бунда шешиўши орын тутпақта. Бүгин Өзбекстан Республикасы көплеген мәмлекетлер менен дослық, халық аралық жәмийетшилик пенен өз-ара теңлик тийкарында сиясий, экономикалық, мәдений бирге ислесиў, халық аралық мүнәсибетлерде толық ҳуқықлы ағза сыпатында ҳәр тәреплеме шериклик қылыў байланысларын жолға қоймақта. Президентимиздиң қоңсы мәмлекетлер менен жақын дослық қатнас орнатыўға қаратылған жеке баслама регионда жаңа сиясий ҳақыйқатты қәлиплестирди.
Ғәрезсизлик күни халқымыздың ең уллы байрамы сыпатында ҳәр жылы бул қутлы сәнени улыўма халықлық байрамы сыпатында кең нышанлаў белгиленген. Сол себепли мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткизиў ҳаққында»ғы қарары халқымыз тәрепинен жоқары көтериңкилик пенен күтип алынды. Айтып өтиўимиз мүмкин, бул тәкирарланбайтуғын байрам барлық инсанларды бирлестиреди, олардың қәлбинде ең гөззал ҳәм инсаныйлық туйғыларын оятады. «Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин» ҳәм «Халық мәмлекет мекемелерине емес, бәлки мәмлекет мекемелери халқымызға хызмет қылыўы керек» принциплери тийкарында пуқаралардың социаллық мәселелерин шешиў, ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўден ибарат.
Себеби, мине усы ғәрезсизлик арқасында миллетимиз өзлигин аңлады, азат халық, мустақыл мәмлекет сыпатында өзин пүткил дүняға танытыў имканиятын қолға кирзизди. Жәҳән бизди таныды, ең әҳмийетлиси еркин ҳәм пәраўан келешегимизди өз қолымыз бенен қурыў ҳуқықына ийе болдық. Мустақыллық берген имканиятлар ҳаққында жүдә көплеп айтып өтиўимиз мүмкин, лекин соның менен бирге, ғәрезсизлик жылларында басып өтилген машақатлы жолға және бир мәрте нәзер таслаўымыз, әмелге асырылған ислер нәтийжелерин ҳақыйқый түрде баҳалаўымыз ҳәм олардың мазмун-мәнисин дәслеп өзимиз аңлаўымыз, соңынан кең жәмийетшиликке, пүткил халқымызға жеткериўимиз мақсетке муўапық болып табылады.
Әлбетте, ҳәзирги шекем басып өтилген раўажланыў жолымызға нәзер таслар екенбиз, мәмлекетимизде әмелге асырылған жаңаланыўлардың нәтийжели даўам етип атырғанлығының гуўасы боламыз. Әне усы мақсетте мәмлекетимизде онлаған заманагөй кәрханалар, санаат аймақлары ҳәм кластерлер, технопарклер, транспорт-коммуникация тармақлары, ықшам турақ жайлар, көркем бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, медицина, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылмақта. Қала ҳәм аўылларымыздың келбети барған сайын шырай ашып, жанажан диярымыз және де абат ҳәм гөззал болып бармақта.
Елимизде халықтың барлық қатламлары, биринши гезекте, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың машқалаларын шешиў, оларды билим ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, жумыс орынлары, дәрамат дәреги, турақ жайлар менен тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет берилмекте. Әсиресе, социаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж, кеўли ярым инсанларға ҳақыйқый итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў турақлы жумысларымыздың өлшемине айланбақта.
Мәмлекетимиз басшысының Олий Мәжлиске Мүрәжәтнамасы Ўатанымыздың раўажланыўына хызмет етиўинде мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы ең әҳмийетли ўақыя болып табылады. Мүрәжатнамада 2020- жылдың жуўмағы бойынша тийкарғы көрсеткишлер талқыланып кирип киятырған жылға мөлшерленген режелер, мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, онда халқымыздың жарқын келешекке ийе болыўы жолында ҳәр бир басшы, ҳәр бир пуқара қандай жол тутыўы лазымлығы белгилеп берилди.
Мустақыллық ең алды менен бизге бай тарийхымызды ҳәм мәдениятымызды еркин талқын етиўге, илимий изертлеў имканиятын жаратып берди. Мың жыллық қәдриятларымыздың қайта тиклениўине, әсиресе, пүткил инсаният руўқыйлығының көтерилиўинде үлкен әҳмийетке ийе болған «Наўрыз», Рамазан ҳайыты, Қурбан ҳайыты сыяқлы байрамларымыздың халқымыз тәрепинен меҳр – ақыбет ҳәм өз-ара бирлик нышаны сыпатында нышанланыўына имканият жаратылды.
Мәмлекетимизде диний-ағартыўшылық тараўға қаратылып атырған жоқары итибар, инсаныйлық пазыйлетлери менен суўғарылған идеяларымыз ҳәм басламаларымыздың жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен кабыл алыныўы қәлбимизде мақтаныш туйғыларын оятады. Ҳәммемизге мәлим Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң “Ағартыўшылық ҳәм диний баӯырыкеңлик” резолюциясы қабыл етилгенлигиниң өзи муқаддес маканымызда жасап өткен уллы ата бабаларымыз ҳәм олар дөреткен бийбаҳа руўхый ғәзийнелерге, халқымызға болған ҳүрмет ҳәм итибар белгиси болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының ҳәм “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде дин саласындағы сиясаттың тийкарғы принциплери ҳәм ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ислам цивилизациясы орталығы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридийдиң халықаралық илмий-изертлеў орайлары, Өзбекстанның халық аралық ислам академиясы, ҳәдис мектеплериниң шөлкемлестирилиўи менен байланыслы әмелий ислер ислам әлеминде қәддимизди ҳәм қәдиримизди және бир басқышқа көтерди.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы мустақыллық қарақалпақстанлылар ушында кең имканиятлар есиклерин ашты. Қарақалпақстанның үстирт кеңликлеринде саҳра баўрайында халық аралық шериклеримиз бенен биргеликте қазып алынып атырған жер асты байлықлары, усы аймакта қурылып атырған санаат кәрханалары, тек ғана Қарақалпақстан, бәлки пүткил мәмлекетимиздиң экономикасының раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бүгин мәмлекетимиздиң Президенти Ш.М. Мирзиёевтың жоқары дәрежедеги итибары менен Арал әтирапы күн сайын гөззалласып, Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў дәстүри тийкарында ҳәр бир районда басланып атырған қурылыс ҳәм басқа тараўлардағы кең көлемли жойбарлар пүткил қарақалпақстанлыларды қуўанышқа бөлемекте. Экономикалық қудиретимизди жаңартыўлары жолында ири өндирис кәрханаларынан тартып орта ҳәм киши исбилерменлик субъектларине шекем қаратылған жоқары итибар ҳәм жаратылған имканият халықтың тыныш турмысы абаданлығының тәмийинлеўине ерисилди. «Ҳәммеге мәлим, кирип киятырған 2021-жылда Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигине 30 жыл толады, әлбетте, бул тарийхый сәнени сиз әзизлер ҳәм пүткил халқымыз менен биргеликте, “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәрәўан жасайық!” деген идея тийкарында кең көлемде байрамлаймыз”, – деп атап өткен еди Президентимиз.
Жаңа Өзбекстанды қәлиплестириў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, әсиресе халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқарттырыў, жаңа ис орынларын жаратыўға айырықша итибар қаратылып атырғанлығы халықтың разылығын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторы болып хызмет етпекте. Мәмлекетимиз басшысы егер үлкен жастағы әўлаттың билими ҳәм тәжрийбесин, узақты көриў пазыйлетлерин жасларымыздағы ғайратты, мәртлик ҳәм пидайылығы менен бирлестире алсақ, гөзлеген мақсетлеримизге әлбетте жетемиз. Жаңа Өзбекстанды әне усындай билимли жасларымыз бенен биргеликте қурамыз, – деп атап өткен еди.
Айырықша атап өтиў орынлы, себеби бүгин биз жаңа Өзбекстанды қәлиплестирмектемиз, оның жарқын келешегин жаңаша дүньяға көз қарас пенен жаратыў лазымлығын пүткил халқымыз жақсы аңлайды, демек ўақыт ҳәм бахыттың қәдир-қымбатының қаншалық уллы екенлигин жасларымыздың санасына сиңдириў ҳәр биримиз ушын қарыз ҳәм парыз болып табылады.
Жуўмақлап айтқанда, раўажланыў, абаданлық өз-өзинен болмайды, Өзбекстанда қайсы тараўды алмайық мустақыллық инам еткен үлкен имканиятлар турмыста өзиниң жарқын көринисин таўып атырғанын көремиз. Егер биз қандай жетискенликлер ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, булардың барлығы мустақыллықтың шарапаты болып табылады. Мәмлекетимиздиң мустақыллығының отыз жыллық қутлы тойын “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық!” сүрени астында, мәмлекетимиздиң ҳәр бир орынларында, тойға жараса қарсы алыў ҳәр биримиздиң муқаддес бурышымыз есапланады. Журтымыз бүгин де үлкен раўажланыў жолында. Барлық ўәлаятларда үлкен қурылыслар алып барылмақта, заманагөй ҳәм гөззал имаратлар қурылмақта, қалалардың келбети түптен өзгермекте. Бийтәкирар ҳәм жалғыз ана Ўатанымыз Қумай қустың қанаты астында келешекке қарай пәрўаз етпекте.
Қ.Тангирбергенова
тарийх илимлериниң кандидаты.
ҚМУ “Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы”
кафедрасы доценти.