ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫ БАСПАСӨЗ ХЫЗМЕТИ ЖУМЫСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ АРНАЛДЫ

 

Усы жыл 26-июнь күни Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен «Жоқары оқыў орынларында баспасөз хызмети жумысын жетилистириў: машқала ҳәм шешимлер» атамасында форум болып өтти. Оған министрликтиң баспасөз хызмети қәңигелери, жүзге жақын жоқары оқыў орынлары баспасөз хаткерлери қатнасты.

Форумның дәслепки илажы пресс-тур менен басланды. Онда мйманлар Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң оқыў корпуслары, материаллық-техникалық базасы, баспасөз хаткери ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Күнниң екинши ярымында университет мәденият сарайында семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң баспасөз хаткери ­– мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, сиясий илимлериниң докторы С.Усманов, Халықаралық пресс-клуб баслығы Ш.Қудратхожаевлар шығып сөйлеп, жоқары оқыў орынлары баспасөз хызметлери жумыс нәтийжелилигин арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларға қолай шараят жаратыў мәселелери, сондай-ақ, жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, олардың нәтийжелерин кең жәмийетшиликке жеткериў усыллары ҳаққында кең түсиник берди.

Өз ара қызғын пикирлесиўлерге бай болған илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырган сораўларына жуўап алды.

Илаж соңында баспасөз хызметлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўда ўазыйпалар белгиленип алынды. 

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер