Сизлерди Президентимиз басламасы тийкарында белгилеп берилген 30 июнь – Жаслар күни менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти атынан шын жүректен қутлыклайман!
Ҳүрметли Президентимиз мәмлекетимиз жасларына қарата : «Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси деп билемен. Сизлер үшинши Ренессанс дәўириниң тийкаршысы саналасыз», деп атап ѳткен еди. Әлбетте, бундай исенимди ақлаў жолында студент жасларымыз терең билим ийелеп, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет пенен қарап, озық ойлы келешек әўлад болыўдай уллы мақсетлер жолында исенимли қәдем тасламақта.
Университетимиз студент-жаслары арасында өзлериниң белсендилиги ҳәм билими, спорттағы ерискен табыслары менен бир қанша мәмлекетлик сыйлық ҳәм көкирек нышанлар менен сыйлықланып атырғанлар қатары көбейип атыр. Жасларымыз республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилген таӊлаўлар менен спорт жарысларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп атырған болса, олардыӊ бул табысы мәмлекетимиз тәрепинен сыйлықланбақта. Қуӯанышлысы, олардыӊ қатары бүгинги байрамда және де артып атыр.
Жаслар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына бола «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған жаслар қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты Балтабаева Наргиза Бахадировна, қалаберсе, Университетимиздиӊ Дене мәденияты факультетиниӊ өткен жылғы питкериӯшиси, Грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Бердимуратов Жалғасбай Қарлыбай улы исмин мақтаныш пенен тилге алып өтемиз.
Көксине мәмлекетлик сыйлықлар тағылып атырған жасларымыз бундай үлкен исенимди өзиниӊ билими менен ақлайды деген үмитимиз мол.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев быйылғы жылды «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы» деп белгилеўинде үлкен мәнис-мазмун бар.
Ҳүрметли жаслар, еӊ дәслеп халқымыздың сизлерден күтип атырған арзыў-үмитлерин әмелий ислер менен жүзеге шығарасыз, ҳәр бириңизден халқымыз мақтаныш ететуғын жанажан Өзбекстанымыздың мүнәсип перзентлери болыўға ерисесиз деген үмиттемиз.
Сизлердиң оқыўға, излениўге, илим-пәнди ийелеўге болған қызығыўшылығыңыз ҳәмийше жолдасыңыз болсын!
Сизлерди жаслар күни менен және бир мәрте қызғын кутлықлап, бәршеңизге жаңа жеңислер, бахыт ҳәм әўмет тилеймен.
Ахмед Реймов.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор.