#Biz_salamatlıǵımız_ushın_juwapkermiz!

#Biz_virustıń_aldın_alamız!

 Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор оқытыӯшылары менен хызметкерлери бүгинги жаратылған имканиятлардан дурыс пайдаланып, өз ықтыяры менен коронавирусқа қарсы емленбекте.

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги ўақытта республикамызда халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалаба шаншыў илажлары алып барылмақта. Соңғы күнлерде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайларының артып барыўы, шаншыў илажларын және де тезлестириўди талап етпекте.

 

Бул процесске университеттиӊ факультет деканлары ҳәм орынбасарлары, кафедра баслықлары, сондай-ақ, бөлим баслықлары исшеӊ қатнасып, ықтыярый рәӯиште коронавирусқа қарсы өзлери таӊлаған вакцина менен емленбекте.

Ҳүрметли жолдаслар, сизлердиң өз ўақтында емлениўиңиз ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз тек ғана өзиңизди қорғап қоймастан, жақынларыңыздың да саламатлығын сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер