Усы жылы Министрлер Кабинети жанында Шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыў агентлигиниң дүзилиўин заман талабы болған шет тиллерин үйрениў барысында әмелге асырылып атырған ислер қатарындағы үлкен жаңалық десек болады.
Жақында бул агентликтиң қәнийгелери университетимизде болып, Шет тиллери факультети жәмәәти менен ендиликте бирге ислесиў бойынша ис-режелер белгиледи. Факультет имаратынан белгили бир бөлме ажыратылып, агентлик ушын пайдаланыўға тапсырылды.
«Агентлик ең дәслеп, дүньяда өнимли нәтийже берген оқытыў методикалары, дәстүр ҳәм сабақлықларды бақша, мектеп, лицей, жоқары оқыў орны ҳәм оқыў орайларында енгизип, шет тиллерин жоқары өзлестириўге көмеклеседи. Бунда билимлендириў мекемелери, тармақлар ҳәм аймақлардың мүтәжлигинен келип шығып, кеминде 10 шет тилин – инглис, рус, немис, қытай, корейс, япон, түрк, араб, парсы тиллерин үйретиўди шөлкемлестиреди», – деп атап өткен еди Президентимиз.


Динора Бегдуллаева
ҚМУ. Шет тиллери факультети
3-курс студенти