Дөретиӯшилик имтихан тапсыратуғынлар да  дизимнен өтиӯде төлем төлей ме?

 Егер тест сынағы өткерилетуғын жылдан дәслепки жылларда мектеп, колледж, лицейди питкерген болса, тест сынақларында қатнасыӯ ушын базалық ставканыӊ ярым барабары – 122 мыӊ 500 сўм муғдарына төлемди әмелге асырыӯы керек.

 

Өтке жылларда усы төлемнен тек кәсиплик (дөретиӯшилик) имтихан тапсырылатуғын бағдар ушын дизимнен өткен абитуриентлер азат етилген еди. Бирақ, усы жылда қайсы бағдарға ҳүжжет тапсырғанына қарамастан, барлық абитуриентлер 3 пәннен мәжбүрий тест тапсырады.

 

Соған бола, тек кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханы бар бағдарға тапсырған абитуриентлер де 122 мыӊ 500 сўмлық төлемди төлеӯи керек.

 

Кимлер төлемнен азат етиледи:

 

— усы жылда мектеп, колледж, лицейди питкергенлер;

— Меҳрибанлық үйи ҳәм Балалар үй питкериӯшилери;

— толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар;

— майыплығы болған шахслар.

 

Төлемди төлемеген абитуриентлер тест сынақларына жиберилмейди. Бул төлемди бөлип төлесе де болады, тек 22- июлға шекем (усы күни де) төленсе болды.

 

Пайдалы дереклер