«Instagram» социаллық тармағы ҳәм «QARAQALPAQSTAN_TV» телеграм каналында «ҚМУды жылына 9/10 мыӊ студент питкерсе, дипломды бериӯ ушын тек бир айнадан хызмет көрсетилип отыр» атамасы менен хабарлар тарқатылды.
Усы орында бул хабарда келтирилген мәселелер бойынша төмендегилерди мәлим етемиз:
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 2020/2021- оқыў жылында 47 бакалавр тәлим бағдары бойынша 2588 студент, 32 магистр қәнигелиги бойынша 213 магистрант табыслы питкерип шықты.
Ҳәзирги күнде дүнья жүзинде Коронавирус қәўип туўдырып турған ўақытта жабық имаратта көпшиликти топлап, диплом тарқатыў карантин қағыйдаларына туўра келмейтуғынлығы себепли, университет имараты айнасы арқалы берилиӯ жолға қойылған. Бул жерде ҳәр күни азанғы саат 08:30 дан баслап 19:00 аралығында (түслик 13:00 ден 14:00 ге шекем) диплом бланкалары ашық аспан астында тарқатылып атыр.

Усы орында бул хабарда сөз етилген мәселелер бойынша университетимиз сайты арқалы питкериӯшилеримиздиӊ дипломын алыӯы ҳаққында бурын да керекли мағлыӯмат берилген еди:
2020-жылдан баслап питкериӯшилердиӊ диплом ҳәм қосымшасы QR кодлы электрон формада тарқатыла баслады.
Питкериӯши курс студентлерине диплом ҳәм оныӊ қосымшасыныӊ электрон файлларын Hemis платформасыныӊ студент кабинетине кирместен логин ҳәм паролларсыз жүклеп алыӯ мүмкин.
Бунда:
1) Диплом мағлыӯматларын көриӯ ҳәм электрон файлларын жүклеп алыӯ ушын төменде көрсетилген линкке кириӯ зәрүр:
Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен бүгинги күнде питкериӯшилерге диплом бериӯ мәселесиндеги жуӯапкершилик айрықша итибарға алынып, шөлкемлескенлик жағдайында алып барыӯ илажлары исленип атырғанлығын мәлим етемиз.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Баспасөз хызмети.