Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жыл 31-август күни Университет Кеӊесиниӊ нәўбеттеги мәжилиси болып өтти. Бул мәжилисте университеттеги илим изертлеў бағдарындағы жақсы ѳзгерис ҳәм жаӊалықларға тоқтап ѳтилди.
Жыйналыста университет ректоры А.Реймов 2020/2021- оқыў жылындағы илимий жетискенликлер ҳәм табыслар ҳаққында айтып өтип, жаӊа оқыӯ жылын үлкен нәтийжелер менен қарсы алыӯына табыслар тиледи ҳәм Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлады.
Университет ректоры А.Реймов тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелерин бериӯши Илимий Кеӊесте өзлериниӊ диссертация жумысларын табыслы қорғап шыққан бир қатар илим изертлеӯшилерге дипломлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.





ҚМУ Баспасөз хызмети