Усы жыл 30-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары ректор ҳәм директорларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгисин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары М.Жуманов жыйналғанларды елимиз турмысындағы ең уллы, ең әзийз байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тарийхый қысқа ўақыттың ишинде Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында алып барылып атырған ислер нәтийжесинде елимиздиң жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмысында түпкиликли өзгерислер жүз берип, халқымыздың абадан турмысын, бүгининен разы болып жасаўын, ертеңги күнге исениминиң беккемлеўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Әне усы ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда пидайылық көрсеткен, елимиздиң ғәрезсизлигин буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан, жәмийетимиздиң турмысына белсене қатнасып киятырған жерлеслеримиздиң мийнети өзиниң жоқары баҳасын таппақта.
Сыйлықланғанлар қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, Нөкис мәмлекетлик педагогика институты ректоры Б.Утемуратов, Өзбекстан дене мәденияты университети Нөкис филиалы директоры Б.Мәмбетов, Қарақалпақстан Аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты директоры Е.Төрениязов, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы директоры Б.Қайыпбергенов, Наўайы кәншилик институты Нөкис филиалы директоры А.Қайыпбергенов ҳәм де Дене мәденияты университети Нөкис филиалы директоры орынбасары Б.Отемуратовлар шығып сөйлеп, мийнетлерин баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.





Илажда Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары ректор ҳәм директорларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.
ҚМУ Баспасөз хызмети