Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2022-жыл ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша стажёр-излениўшилик, таяныш докторантура ҳәм докторантурада оқыўға талабанлардың ҳүжжетлерин қабыллайтуғынын дағазалайды!

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2022-жыл ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша стажёр-излениўшилик, таяныш докторантура ҳәм докторантурада оқыўға талабанлардың ҳүжжетлерин қабыллайтуғынын дағазалайды!

 

  1. Стажёр-излениўшиликке:

01.04.10-Ярымөткизгишлер физикасы;

02.00.13-Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы;

03.00.06-Зоология;

03.00.08-Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы;

03.00.10-Экология;

07.00.01-Өзбекстан тарийхы;

07.00.06-Археология;

07.00.07-Этнография, этнология ва антропология;

08.00.04-Аўыл-хожалығы экономикасы;

08.00.13-Менеджмент;

10.00.03-Қарақалпақ тили;

10.00.12. Қарақалпақ әдебияты;

11.00.02-Экономикалық ҳәм социаллық география;

12.00.02-Конституциялық ҳуқық. Ҳәмикшлик ҳуқықы. Финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы;

 

  1. Таяныш докторантураға (PhD):

01.04.10-Ярымөткизгишлер физикасы;

02.00.13-Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы;

03.00.06-Зоология;

03.00.08-Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы;

03.00.10-Экология;

07.00.01-Өзбекстан тарийхы;

07.00.06-Археология;

07.00.07-Этнография, этнология ва антропология;

08.00.04-Аўыл-хожалығы экономикасы;

08.00.13-Менеджмент;

09.00.01-Онтология, гнесология ҳәм логика;

10.00.03-Қарақалпақ тили;

10.00.12. Қарақалпақ әдебияты;

11.00.02-Экономикалық ҳәм социаллық география;

12.00.02-Конституциялық ҳуқық. Ҳәмикшлик ҳуқықы. Финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы;

12.00.03-Пуқаралық ҳуқықы. исбилерменлик ҳуқықы. Шаңарақ ҳуқықы. Халық аралық жеке ҳуқық;

12.00.08-Жынаят ҳуқықы. Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў. Криминология. Жынаят-орынлаў ҳуқықы.

 

Усы қәнигеликлер бойынша стажёр-излениўшилик яки таяныш докторантурада оқыўға талабанлар төмендеги ҳүжжетлер усынады:

– арза;

– қысқаша биографиялық мағлыўматнама;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (жумыс ислеп атырғанлар ушын);

– жоқары оқыў орны магистратурасы дипломы яки жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы;

– баспадан шыққан илимий мийнетлер дизими, сондай-ақ, олардың нусқалары;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазлары ушын тийисли ҳүжжет нусқасы.

 

  1. Докторантураға (DSc):

– 03.00.06-Зоология;

– 03.00.10-Экология.

            Докторантура (DSc)да оқыўға талабанларға қойылатуғын талаплар:

            – илим кандидаты яки тийисли илим қәнигелиги бойынша философия докторы (PhD) ямаса оларға теңлестирилген шет мәмлекетлерде алынған илимий дәрежеге ийе болыўы шәрт;

            – илим кандидаты яки тийисли илим қәнигелиги бойынша философия докторы (PhD) ямаса оларға теңлестирилген басқа илимий дәрежелер алғаннан соң зәрүр әҳмийетке ийе болған илимий жетискенликлерге ерисиў, солар қатарында, илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын диссертация изертлеўиниң тийкарын қураўы мүмкин болған илимий журналларда кеминде үш илимий мақала ҳәмде илимий-әмелий конференциялар, семинарар ҳәм тийисли илимий бағдарлар бойынша илимий мийнетлер топламларында кеминде еки тезис баспадан шығарылған болыўы тийис.    

            Усы қәнигеликлер бойынша докторантура (DSc)да оқыўға талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза;

– қысқаша биографиялық мағлыўматнама;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (жумыс ислеп атырғанлар ушын);

– жоқары мағлыўмат, илим кандидаты ямаса тийисли илим қәнигелиги бойынша философия докторы (PhD) яки шет мәмлекетлерде оған теңлестирилген илимий дәрежеге ийе болғанлығы ҳаққындағы диплом нусқасы;

– изертлеў темасы бойынша илимий тезис ҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған докторлық диссертациясы режесиниң толық түриндеги жойбары;

– баспадан шыққан илимий мийнетлер дизими, сондай-ақ, олардың нусқалары.

 

Жоқарыда атап өтилген таяныш докторантура (PhD) ҳәм докторантура (DSc) қәнигеликлери бойынша философия докторы (PhD) яки илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын өз бетинше излениўшиликке талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда университетке арза менен бирден-бир электрон система (phd.mininnovation.uz) арқалы мүрәжаат етиўи мүмкин:

– қысқаша биографиялық маглыўматнама;

– философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын өз бетинше излениўшиликке талабанның магистр дипломы ямаса жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған нусқасы;

– илимий мийнетлер дизими ҳәм олардың нусқалары;

– илим докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын өз бетинше излениўшиликке талабанның илим кандидаты ямаса тийисли илим қәнигелиги бойынша философия докторы (PhD) яки шет мәмлекетте алынған оған теңлестирилген басқа илимий дәрежеге ийе болғанлығы ҳаққындағы диплом нусқасы;

– жумыс орнынан минезлеме;

 

Еслетпе: Стажёр-излениўшилик, таяныш докторантура ҳәм докторантурада оқыўға талабанлар дәслеп шәртли түрде өз арзасын ҳәмде оған қосымша етилген ҳүжжетерин http://phd.mininnovation.uz/ силтемеси арқалы онлайн тәртипте дизимнен өткериўлери тийис.

 

Мәнзил: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай. Телефон: +99861-223-60-62.

 

Ҳүжжетлер 2021-жылдың 15-октябрь сәнесине шекем қабылланады.

Пайдалы дереклер