Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарарына муӯапық 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм кɵкирек белгилери менен бир топар пидайы инсанлар сыйлықланды.
Олар арасында Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң қала қурылысы ҳəм хожалығы кафедрасы профессоры Байманов Кенесбай Ибраймович «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сондай-ақ, университетиниң кадрлар бɵлими баслығы Молодцова Валентина Львовна «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын ҳүрметли атақ ҳәм кɵкирек белгиси менен сыйлықланған университетимиздиӊ пидайы устазларын шын жүректен қутлықлаймыз.
Сыйлықлар қутлы мүбәрек болсын!