Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен әмелий конференцияда тийкарынан Туризм тараўын реформаластырыў ҳәмде оны келешекте раўажландырыў бағдарындағы ўазыйпалар сөз етилди.
Конференцияға университеттиң «Экономика» кафедрасы профессор-оқытыўшылары, «Туризм» бағдары студентлери қатнасты. Конференцияда Олий Мажлис палатасы илим-пән, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Е.А.Захидов, Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутаты М.М. Ибрагимов, университеттиң ҳалқаралық бирге ислесиў бойынша проректоры А.К.Алымов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт ҳәм туризм басқармасы баслығының орынбасары Б.Қусекеев ҳәм басқада бир қанша усы тараў ўәкиллериниң қызықлы баянатлары тыңланды.
Конференцияда студентлер туризм тараўында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Сондай-ақ, республикамызда туризмди жетилистириў бойынша Олий Мажлис нызамшылық палатасына өз усынысларын берди.


ҚМУ, «Экономика» кафедрасы баслығы Р.Адильчаев