«Түркий филологияның әҳмийетли мәселелери» атамасындағы халықаралық илимий теориялық конференция

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор Шамшетдин Абдиназимовтың 60 жыллық юбилей кешесине арналған «Түркий филологияның әҳмийетли мәселелери» атамасындағы халықаралық илимий теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасып, қутлықлаў сөз сөйледи.

 Халықаралық илимий теориялық конференция баянатлар менен даўам етти.

Қырғызстан миллий академиясы академиги С.Мусаев, Ташкент мәмлекетлик Шығыстаныў университетиниң профессоры Қ.Содиқов, Евразия миллий университетиниң профессоры М.Ескеева, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ тил билими кафедрасы баслығы М.Қудайбергеновлар баянат жасап, илимпаздың өмири ҳәм илимий педагогикалық хызметлери,  қарақалпақ тили илимниң изертлениӯинде ҳәм раўажланыўында қосқан салмақлы үлеси ҳаққында айтып өтти.

XX әсирде қарақалпақ тилин ҳәм тарийхын изертлеўде мектеп жаратып кеткен уллы илимпазлардыӊ жолын даӯам етип атырған профессор Шамшетдин Абдиназимов өзиниң илимий дөретиўшилигинде бир қанша илимий ҳәм илимий-методикалық жумысларын жазыӯ менен бирге, улыўма билим бериў мектеплерине сабақлықлар, әсиресе, жоқары оқыў орынлары ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын жазған көрнекли илимпаз.

 

 

Қарақалпақ тил билиминиң пидайысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, филология илимлериниң докторы, профессор Абдиназимов Шамшетдин Нажимович көп жыллардан берли халықаралық илимий бирге ислесиӯлерде де өзиниӊ илим изертлеӯ жолындағы айрықша изленислери менен мүнәсип үлес қосып келмекте. Ҳақыйқатында да бундай бирге ислесиўлер илимпаздың дүнья жүзилик тил билими тарийхын жақсы билиўи оның көп қырлы тәреплериниӊ бири десек орынлы болады, деп атап өтти шығып сөйлеўшилер.

Профессор Ш.Абдиназимов ѳзиниң илимге бағышлаған саналы ѳмири даўамында тәлим-тәрбия ҳәм илимий жумысларды раўажландырыўда, жоқары мамалықтағы қәнигелер таярлаў барысындағы жумысларда пидайы хызметлерди атқарған белгили устаз сыпатында  ҳүрмет пенен тилге алынады.

Илимпаздың жаратқан мийнетлери келешек жасларымыз тәрепинен үйренилип, оның илим жолында жаратып атырған мектеби илим-билимди сүйген жасларымыз ушын ийгиликли хызмет ете береди.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер