«Студентлердиң турар жайы мәселеси үйренилди»

Бәрешмизге белгили жоқары оқыў орынларында алыс район, ўәлаятлардан келип оқыйтуғын студентлер саны жылдан жылға артпақта. Сол алыс районлардан келип оқып атырған студентлерге кең имканятлардың бири болған студентлер турар жайы менен студентлерди тәмийнлеп бериў бизиң университетимизде кеңнен жолға қойылған. Ҳәттеки ендиликте ер балларымыз ушында жаңа имәрат қурылып тапсырылыў алдында турыпты. Студент жаслардың алысын жақын қылыў жәнеде финанысық жақтанда студентлер тўрар жайының қолай болғаны биз студент жаслар ушын кең имканят демек. Мине усындай мәселе бойынша Химия-технология факультетинде де мәжлис болып өтти. Мәжлисте факультет декан орынбасары Ғ.Султанов шығып сөйлеп, бәрше мәжлиске келип отырған студент қызларымызға кеңнен тусиниклер берип өтти. Бунда тийкарынан иләжы барынша алыс район ҳәмде уәлаятлардан келген кем тәмийнленген, темир дәптер, жаслар дәптери, ҳайаллар дәптерине дизимде барларды алды менен жатахана менен тәмйинлеу кереклигин айтты. Тийкарынан жатахана ушын жузден аслам студент қызлар арза берип қойған болса булардың бәршесиниң арзалары көрип шығылмақта. Бәрше студент қызларымызды жатақхана менен тәмийнлеп бериўге хәрекет етемиз,-дейди өз сөзинде Ғ.Султанов. Жыйналыста факлуьтет хаял-қызлар кеңеси басшысы Р.Қәлимбетова шығып сөйлеп, жатақхананың ищки тәртип қағыйдалары менен таныстырып өтти. Буған көре студентлер турар жайында әмелде көрсетилген тәртип қағыйдаларға бойсынбаған яки бузған студентлер жатақханадан шығарып жибериледи ҳәмде қайта қабылланбайтуғынлығын уқтырды. Сонлықтан көрсетилген тәртип қағыйдаға бәрше ушын теңдей-деп атап өтти. Мәжлис соңында жыйналыс қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Нилуфар Куздибаева
Химия-технология факультети 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер