⚡️ Исенимли ўәкил менен ушырасыў

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияров Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Мәденият сарайында сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда жоқары оқыӯ орынлары оқытыӯшылары, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Ушырасыўда исенимли ўәкил А.Данияров шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм алдағы жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық сайлаўалды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Ш.Мирзиёевтиң кейинги бес жылда әмелге асырылыўы режелестирилген сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдары «Инсан қәўипсизлиги», «Инсан еркинлиги», «Инсан тынышлығы» ҳәм «Инсан тәғдири» принциплерине тийкарланған бағдарлары бойынша тоқтап өтти.

Ушырасыўда шығып сөйлеген партия белсендилери талабанның жумысларына тоқтап өтип, әмелге асырылып атырған реформалардың барлығы инсанлар ушын, халық ушын, олардың абадан елде еркин ҳәм жақсы жасаўы ушын турмысқа енгизилип атырғанлығын атап өтти.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

 

Пайдалы дереклер