Қурылыс факультетинде 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни»не бағышланған шеберлик сабағы болып өтти

Бүгинги күнде мǝмлекетимизде қызларымыздың саламатлығын беккемлеў, олардың толық билим ийелеўи, өзлери қызыққан кǝсип-өнерге ийе болыўы, олардың дөретиўшилик қǝбилетин асырыў ҳǝм олардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын барлық шǝрт-шараятлар жаратылмақта. Сол себепли қызларымыздың имканиятларын кеңейтиў ҳǝм олардың ҳүқықларын ǝмелге асырыўға көмеклесиў мақсетинде Қурылыс факультети ҳаял-қызлар кеңеси тǝрепинен студент қызларымызға 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни»не бағышланған шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
Шеберлик сабағында факультетимиз жанындағы «Қызларжан» клубы жетекшиси Қ.Бектурсынова ҳǝм қызларжан клубы ағзасы Н.Алимбаевалар өзлериниң қол өнеринен исленген буйымларында сǝўлеленген миллий кестешилик сырларын мазмунлы ҳәм түсиникли етип түсиндирип өтти.
Сабақ даӯамында студент қызлар өзлериниң қызықтырған сораӯларына жуӯап алып, өтилген сабақ мазмунлы болып өтти.

Қурылыс факультети ҳаял-қызлар кеңеси

Пайдалы дереклер