
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети студент- жаслар арасында «Жаслар арасында хуқық бузарлықлардың алдын алыў ҳәм ишиўшилик, нәшебентлик, терроризм ҳәм экстремизимге қарсы гүресиў» атамасында үгит – нәсиятлаў жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыў басқармасы хызметкери, майор А.Алджанов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислери терроризм ҳәм экстремизимге қарсы гүресиў басқармасы хызметкери, майор Н.Торешов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислери терроризм ҳәм экстремизимге қарсы гүресиў басқармасы хызметкери, подполковник М.Шаниязовлар қатнасып, Жаслар арасында ишиўшилик, наркоманияға қарсы гүресиў ҳәзирги күндеги тийкарғы мақсет екенлигин атап өтип, жасларды бундай жаман иллетлерден қорғаў ҳәм буның тәсирине түсип қалмаў бойынша өз мәсләҳәтлерин берип өтти. Сондай-ақ, студентлерге АИЖС ҳаққында мағлыўмат берип, адам өмири ушын қәўипли болған иллетлерден аўлақ болыўы кереклиги түсиндирди.
Н.Джанходжаев
Дене мәденияты факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.