2011-жылы 19-декабрьде Дүньяжүзи бойынша БМШ Бас ассамблеясында пүткил дүньяда 11-октябрьди «Халықаралық қызлар күни» деп нышанланыўға тийкар салынды ҳәм ҳәр жылы белгиленип келинбекте. Усы мүнәсибет пенен Экономика факультети студент кызлары арасында «Шебер қоллар», «Сүўрет салыў сырлары» атамаларында студент қызлар арасында мастер класс шөлкемлестирилди.

Бир қанша республикалық таңлаўлар жеңимпазы, туризм бағдары 3-курс студенти Дарьябаева Нуржамал сүўрет салыўда қандай жанрлар бар екенлигин, кандай бояўлардан пайдаланыў кереклигин, өзи сызған сүўретлериниң видео көринислерин көрсетип берди. Ҳәзирги ўақытта 4-курс студенти Буркитбаева Кундыз да жас ўақтынан сүўрет салыўға қызығатуғынлығын ҳәм бир қанша университет көлеминдеги жарысларға қатнасып атырғанлығын айтып өтти.


Қызларымыз өз- ара пикир алмасып, өз өнерлерин көрсетти.
Э.Маденова.
Экономика факультети
ҳаял-қызлар кеңеси баслығы.