Демократияда
бир сайлаўшының итибарсызлығы
ҳәммениң тынышлығына зыян жеткизеди.
Дж. Кеннеди
Инсан дүньяға келер екен, оған ең дәслеп жасаў ҳуқықы инәм етиледи ҳәм ол мәмлекет тәрепинен кепилленеди. Өмири даўамындағы мәдений, сиясий, жәмийетлик ҳуқық ҳәм еркинликлери де мәмлекет сиясаты қорғаўында болады. Бундай журтта ҳәрқандай пуқара емин-еркин ҳәм тыныш-татыў өмир сүрип, сонда ғана өз елиниң раўажы, келешеги ушын үлес қоса алады. Бул журт – Өзбекстан…
Мәмлекетимиз «республика» атағын алып, 1991-жылы Ғәрезсизлик тумарын мойнына тағар екен, бул сәне журтымыз тарийхы ушын уллы ўақыя ҳәм айдын келешеги ушын тырнақ тасы болды. Мәмлекеттиң тийкарғы күши ҳәм ғайраты болған Конституция болса, усы уллы келешекке алып барыўшы халықтың, ҳәрбир пуқараның ҳәр тәреплеме ҳуқықларын тәмийнлеп берди. Билим алыў ҳуқықы, бийпул медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы, сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы халқымыз ушын ҳәм әҳмийетли имканият, ҳәм үлкен жуўапкершилик саналады.
Адам басы қай бағытты гөзлесе, пүткил дене де сол бағыттан хәрекетленгениндей, мәмлекет басшысы халықты қайсы жөнелиске бағдарласа, ол да сол бағыт пенен жүреди. Бул дегени журт басшысының – президенттиң орны мәмлекет турмысында гиреўли дегени. Ал, туўры ҳәм әдил басшыны сайлаў сол мәмлекет пуқарасына жүклетилген ҳәм парыз, ҳәм миннет болады.
Мәмлекетимиз тарийхы китабының быйылғы 2021-жылғы бетинде президент сайлаўы орын алған болып, ол ҳәрбир пуқарадан журтымыз келешеги ушын дурыс даўыс бериўди ҳәм буның барысында белсенди болыўды талап етпекте. Ҳәрбир жеке адам өзиниң ертенги күниниң кепиллиги, турмысының абаданлығы ушын мүнәсип талабанға даўыс бериўи пүткил халықтың келешегине салмақлы үлес қосады.
«Сайлаў адамларға тийисли. Бул олардың қарары. Егер олар отқа арқасын қаратыўға ҳәм артын жандырыўға қарар етсе, кейин жарасына шыдаӯға да туўра келеди», деген еди Абраам Линкольн. Солай екен, сайлаў ҳуқықы сайлаўшының өз еркине байланыслы, лекин бул жолда алжаспаў да үлкен әҳмийетке ийе. Жоқарыдағы Джон Кеннедидиң пикиринен де биз буның мәнисин терең уғыўымыз мүмкин. Яғный, сайлаўшы тек ғана өзиниң емес, ал пүткил халықтың да мәпин гөзлеген ҳалда халық мәпдар болған ҳәм халық талабына сай рәўиште дурыс даўыс бере алыўы керек.
Бүгинги санлы технологиялар дәўиринде, ҳәрқандай киши санның киши бир бөлеги де үлкен күшке ийе екенлигин инабатқа алатуғын болсақ, сонша халық даўысы арасынан бир адамның даўысы да шешиўши әҳмийетке ийе болыўы мүмкин. Яғный, Өзбекстанның 34 миллионнан артық халқы ишинен ҳәрбир пуқараның жеке даўысы бул – өзиниң мәмлекет сиясий тараўына қосқан жеке үлеси. Бирақ, гәп даўыслар санында яки қандай да бир пайыз көрсеткишлеринде емес, ал ҳәрбир пуқараның сиясий ҳәм жәмийетлик салаға деген, ҳүкиметине деген ҳүрметинде.
Солай екен, бизди өз баўырына ҳәм қорғаўына алған Өзбекстан Республикасының перзенти екенбиз, мәмлекетимиз Ғәрезсизлик ушын басып өткен машақатлы жолы ҳәм ертеӊги келешеги ушын президент сайлаўда даўыс бериў – бизиң перзентлик ҳуқықымыз ҳәм парызымыз болып табылады. Сонлықтан, келиң өз келешегимиз ушын даўыс берейик!
Динора Бегдуллаева
ҚМУ Шет тиллери факультети 3-курс студенти