Таң атып киятыр. Алтын таң. Қуяш күлимсиреп әйнегимнен қарады.
Мен келешекти усы атып киятырған алтын таңға уқсатаман.
Хош, келешек не өзи? Келешек – бул ертеңги күн. Келешек – бул халықтың тыныш ҳәм пәраўан турмысы. Келешек – бул адамлардың ертеңги күнге болған исеними. Келешек – бул әдил басшы. Келешек – бул Жаңа Өзбекстан.
Келешек исенимнен туўылады. Исеним үмиттен пайда болады. Үмит ҳәм исеним инсанның қос қанаты. Қус қос қанаты менен пәрўаз еткениндей, инсан да үмит ҳәм исеним арқалы келешекке пәрўаз етеди. Қустың бир қанаты сынса, пәрўазынан айрылып жарға қулайды. Егер, инсан үмитсизликке берилсе, исеними жоғалады. Исениминен айрылған инсанның келешеги болмайды. Сонлықтан, инсанның жүрегинде үмит ҳәм исеним урығы болыўы керек. Исеним ҳәм үмит инсанға күш бағышлайды. Данышпанлар айтады: «Үмитсиз жүрек жарылып өледи. Қәбирдиң басында да үмит жасайды».
Үмит шамшырақ, үмит жол көрсетиўши Шолпан жулдыз. Үмит бизди келешекке бағдарлайды. Нурлы келешекти тәмийинлеў ушын халық ояў болыўы керек. Халық өзлигин, тарийхын, мәдениятын, миллийлигин аңлаўы керек. Халықтың қәлбинде ҳәм санасында «Бизлер ким едик, ким болдық, ертең ким боламыз?» деген саналы сораўлар айланып жүриўи керек.
Ҳәр бир халықтың ертеңги келешекке жетелеўши шақырығы, сүрени ҳәм арзыўы болады. Халық сол арзыўға жетиўи ушын умтылып жасайды. Мәселен, дүнья тәжирийбесин алып қарасақ: «Америка арзыўы», «Япония тәбияты», «Корея характери», «Немис интизамы» сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң арзыўы, алдына қойған мақсети бүгинги күнде оларды нурлы келешекке жеткерген болса, бизиң мәмлекетимиздиң де келешекке болған беккем исенимин, арзыў-әрманларын жүзеге шығаратуғын мақсети болыў кереклигин дәўирдиң өзи талап етпекте. Бул ҳәзирги әмелдеги Президентимиз Ш.М.Мирзиёевиң көрсеткениндей, Жаңа Өзбекстанды қурыў арзыўы.
Алдымызға қойған бул уллы мақсетке ерисиў өз-өзинен болмайды. Буның ушын тынымсыз мийнет ҳәм излениў талап етиледи.
Тарийх. Ўақыт дегершеги зымырап айланып көзди ашып жумғанша жыллар кәрўанын изде қалдырды. 1991-2016-жыллар. Ғәрезсизликти алғаннан кейин арадан 25 жыл ўақыт өтти. Дурыс, бул жыллар ишинде биз ғәрезсизликке еристик, дүньяға есиклеримизди аштық, миллий өзлигимизди, тарийхымызды, қәдириятларымызды, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қайта тикледик, өз тәғдиримизди өзимиз белгилеўге миясар болдық. Мәмлекетимиз өзиниң раўажланыў жолына түсти. Өзбекстанның бул жыллар ишинде раўажланыў дәрежесин айтып отырмаймыз. Бирақ тез пәт пенен раўажланып баратырған дүнья бизден анағурлым дәрежеде алдыға өтип кетти. Енди бундай тақылетте жасап болмас еди…
2016-жыл. Өзбекстан халқы аўыр жоғалтыўға ушырады. Мәмлекет өзиниң биринши Президентинен айрылды. Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң реформаторы, мәмлекетти аўыр аўҳалдан алып шыққан халықтың атасы, ғамхор басшысы – Ислам Каримовты соңғы сапарға атландырдық. Усындай сынақлы ўақытта мәмлекет басына оның ең жақын ҳәм ең садық шәкирти, жаңаша ойлап, тез шешим қабыл ететуғын, узақты гөзлеп ис алып баратуғын дана басшысы – Шавкат Миромонович Мирзиёев Президент етип сайланды. Ол мәмлекет басына келген дәслепки күнлерден баслап-ақ Өзбекстанды дүньядағы раўажланған қүдиретли мәмлекетлер қатарына алып шығыў ушын жан-тәни менен ҳәрекет етти, жаңадан-жаңа реформаларды турмысқа енгизе баслады. 2017-2021-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясын ислеп шықты. Оның басламасы менен елимизде бурын-соңлы болмаған жаңа идеялар, түпкиликли реформалар турмысымызға кирип келе баслады. «Халық мәмлекет органларына емес, ал мәмлекет органлары халыққа хызмет етиўи керек!»-деген жаңа принципке тийкар салынды. Жаңа Президентимиздиң тиккелей басламасы менен:
Бириншиден, халықтың машқалалары, арзыў-әрманларын тыңлайтуғын Халық қабыллаўханалары ашылды.
Екиншиден, халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери», «Меҳир дәптери» сыяқлы жаңа системалар енгизилди.
Үшиншиден, бурын «мәмлекет-жәмийет-инсан» принципи тийкарында жумыс алып барылған болса, ҳәзирги ўақытта «инсан-жәмийет-мәмлекет» принципи тийкарында жумыс алып барыў жолға қойылды. Яғный, инсан қәдири биринши орынға көтерилди.
Төртиншиден, 25 жыл даўамында Өзбекстан дүнья жүзлик раўажланыўдан артта қалып қойды. Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық раўажланыў механизми ескирди. Сонлықтан, дәўирдиң өзи мәмлекетимиздиң алдына жаңаша ойлаўды, жаңаша пикирлеўди, жаңаша раўажланыўды ўазыйпа етип қойды. Буның ушын тарийхый тәжирийбелерге сүйене отырып, Өзбекстанның тарийхында IX-X әсирлерде Биринши Ренессанс (ояныў) дәўири, XIV-XV әсирлерде Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўиринде Екинши Ренессанс дәўири жүз берген болса, енди бүгинги күнге келип әмелдеги Президентимиздиң басламасы менен Үшинши Ренессанс дәўирин жаратыў, яғный «Жаңа Өзбекстан – жаңа имканиятлар» мәмлекетин қурыў алдымызға үлкен ўазыйпа етип қойылмақта. Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басламасы ҳәм белсендилик ҳәрекети менен «Жаңа Өзбекстанды кеңпейил ҳәм ҳақ кеўил халқымыз бенен бирге қурамыз!» деген сүрен астында халқымыздың келешекке болған исеними артпақта.
Келешек – бул халық пенен пикирлесиў, халық пенен дәртлесиў, халықтың дәрти менен жасаў, халықтың дәртин жеңиллетиў, халық ҳәкимиятын қурыў деген сөз. Келешек – бул бир мақсет жолында бирлесиў…
…Дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесине қарасақ, олардың бахытлы келешек ушын өз алдыларына үлкен стратегиялық мақсетлерди қойғанлығын көремиз.
Қүдиретли мәмлекетлер де бирден раўажланбаған. Мәселен: 1945-жылы атом бомбасынан жәбир көрген Япония мәмлекетиниң бүгинги күнде күшли раўажланған мәмлекетке айланыўына ҳеш кимниң көзи жетпес еди. Себеби, бул жерде раўажланыў түўе, 40 жылға шекем әўладлар майып, нәренжан болып туўылыўы күтилген еди. Бирақ, Япония халқының мийтиндей бирлиги, бир мақсет жолында биригиўи, билимге болған қуштарлығы, ўатан ушын пидайы мийнет етиўи арқасында қысқа ўақытлар ишинде дүньяның жетекши мәмлекетлериниң бирине айланды. Қыйын ўақытларда ҳәр бир япон ҳаялы өзлериниң қымбат баҳалы тағыншақларын мәмлекетке тапсырған екен. Завод-фабрикаларда 16-18 саатлап жумыс ислеген. Алдына қойған уллы мақсет – оларды аўыр сынақларды сабыр-тақат пенен жеңиўге, елиниң ертеңги күни ушын, перзентлериниң бахытлы турмыста жасаўы ушын жаңалықларды ойлап табыўға ийтермелеген. Тик аяқта турып станокта жумыс ислеп турған япон жумысшысының аяғы талған ўақытта қолтығынан арқан өткерип жоқарыға байлап қойған. Минекей, оларды усындай шәраятта жан күйдирип жумыс ислеўине жол ашып берген – бул нурлы келешекке болған исеним еди. Демек, япон халқын келешекке болған исеним ҳәм үмит мәмлекетти қыйын жағдайдан алып шығып, бийик шыңларға көтерди…
1978-жыл апрель. Аўғанстанда апрель революциясы болып өтти. Усының ақыбетинде бул мәмлекетте урыс оты лаўлап жанды. Соннан берли бул елде бир күн де тынышлық болмады, бир күн де оқ атылмай турмады. Урыс ақыбетинен аспанды қара түтин қаплап, қуяштың жүзин көрсетпеди. Қаншадан-қанша адамлардың, бийгүна нәрестелердиң қаны төгилди. Көз алдыңызға келтириң, 1978-жылы туўылған бала бүгинги күнде 43 жасқа толған болса ол оқыўды қыялына да келтирмеди, қолына қәлем, дәптер емес, адам өлтириўши қурал алды. «Мен оқыўға бараман!»-деп мектепке жол алған 8 жасар қызды терроршылар тас пенен урып өлтиреди. Өзиңиз айтың, тынышлық болмаған мәмлекетте келешек ҳаққында гәп болыўы мүмкин бе?!
Қудайға мың қәтле шүкир, бизиң журтымызда тынышлық ҳүким сүрмекте. Аспанымыз ашық. Қуяшымыз өзиниң алтын нурларын шашпақта. Биз буның қәдирине жетиўимиз керек.
Мине, таң атпақта. Алтын таң. Журтымызға жаңа күн келди.
24-октябрь. Өзбекстан Республикасы Президентлигине сайлаў болып өтеди. Бул күн халқымыздың келешекке болған таңлаўын белгилеп береди.
Таңлаў ҳуқықы… Таңлаў ҳуқықы кимге берилген? Аллатааланың уллы қүдирети менен таңлаў ҳуқықы тек инсанға берилген. Инсан жақсы жасаўы ушын өзине жақсы нәрселерди таңлайды.
Мен бул сайлаўда биринши мәрте даўыс беремен. Мениң де таңлаўым келешегимизди белгилеўде әҳмийетке ийе екенлигинен жүдә бахытлыман.
Демек, ертеңги болатуғын Президент сайлаўында халқымыз өзине мүнәсип талабанды таңлаўы керек. Бул талабан халқымыздың келешекке болған арзыў-әрманларын жүзеге шығаратуғын, оларды тыныш ҳәм пәраўан турмыс пенен тәмийинлейтуғын, бир сөз бенен айтқанда, «Жаңа Өзбекстан»ды қура алатуғын, бизди Үшинши Ренессансқа мәрдана баслап баратуғын уллы шахс болсын. Солай екен, келешек өзимиздиң қолымызда, келешек халқымыздың таңлаўына байланыслы!
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Журналистика қәнигелиги 3-курс студенти