⚡️ «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыӯшыларына байрам саӯғалары инам етилди

21-Октябрь- Өзбек тили байрамы күни республикамыз бойлап кеӊ нышанланып атырған бир пайытта Хожели районындағы «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыӯшылары да дыққаттан шетте қалмады.

Университет ректоры Ахмед Реймов байрам мүнәсибети менен «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыӯшылары жағдайынан хабар алды. Кишкенелеримизди даӊқлы сәне менен қызғын қутлықлап, байрам саӯғаларын инам етти.

Ҳәр қандай ҳикметли сөзлер менен қосық ҳәм ертеклер еӊ дәслеп сол миллеттиӊ ана тилинде дүньяға келеди. Ҳәр бир халыққа өз ана тили қәдирли. Балаға кишкенелигинен ана тилиниӊ қәдир-қымбатын түсиндирип барыӯда көркем китаплардыӊ орны айрықша есапланады.

Балаларымызға китаплар саӯға етиӯдей жақсы басламалар байрам мүнәсибети менен  даӯам етип, жас өспирим балаларымызды бир әлем қуӯанышқа бөледи.

 

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер