Мәмлекетлик хызметлер орайында әмелий сабақ шөлкемлестирилди

Экономика факультетиниң 2-«г» экономика топары студентлери «Санлы экономика» пәнинен «Санлы технологиялар ҳәм электрон коммерциялық орайларды раўажландырыў» темасы бойынша «Экономика» кафедрасы оқытыўшысы Ембергенова Анжим өзиниң әмелий сабағын Мәмлекетлик хызметлер орайында өтти.

Сабақ барысында студентлер теориялық билимин тереӊлестириӯ бағдарында Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери менен биргеликте әмелият пенен танысты. Сабақ барысында студентлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 

Пайдалы дереклер