Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 6-мартдағы “Өзбекстан Республикасында 2021-жылда халықаралық ҳәм республика шеңберинде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техник илажлар режеси ҳаққында”ғы 78-ф-санлы Бийлигине муўапық 2021-жылдың 26-27-октябрь күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Заманагөй географиялық изертлеўлерде аймақлардыӊ социаллық-экономимкалық раўажланыўы, тәбияттан ақылға сай пайдаланыў ҳәм туризм мәселелери” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциясы жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Бул конференцияны өткериўден тийкарғы мақсет Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт ел мәмлекетлеринде ҳәр түрли салалардағы географиялық изертлеўлердиң нәтийжелери, актуал машқалалар ҳәм перспективалық бағдарларын додалаў, сондай-ақ, аймақлардың социал-экономикалық раўажланыўы, тәбияттан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм туризмди раўажландырыўға бағышланған географиялық излениўлер барысында тәжирийбе алмасыў, бул тараўда өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, қәбилетли жасларды усы тараўдағы илимий изертлеў жумысларына кеңнен тартыў болып есапланады.
Жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилген бул конференцияда сырт еллердеги бир қатар жоқары оқыў орынлары хәмде илимий изертлеў мекемелериниң алымлары ҳәм профессор-оқытыўшылары, атап айтқанда, Россия, Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикистан мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынларынан, Өзбекстан Республикасының басқа жетекши жоқары окыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелеринен 50 ден аслам география тараўында илимий изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған белгили илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, университеттиң география ҳәм тәбийий ресурслар факультети профессор-оқытыўшылары, жас алымлар, таяныш докторантлар ҳәм зийрек студент жаслар белсене қатнасты.
Конференция тек ғана дәстүрий (офлайн) тәризинде емес, ал бүгинги күндеги заманагөй мәлимлеме коммуникация технологиялары имканиятларынан кеңнен пайдаланған ҳалда онлайн тәризде де шөлкемлестирилип, оған Россия ИА География институтынан В.А.Шупер (Становление Большой Евразии: проблемы и альтернативы), АҚШтың Орегон университетинен К.Шилдз (Управление водными ресурсами для сохранения биоразнообразия и экосистемных услуг: опыт Орегона, США), ҳәм басқа да Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан мәмлекетлери жоқары окыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелеринен география илим тараўында белгили болған илимпазлар география илиминдеги өз мәмлекетлериндеги илимий изертлеў жумыслары ҳәм тараўда енгизилип атырған кең көлемли жаңаланыўлар бойынша конференция қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

Халықаралық конференцияның пленар мәжилисин Қарақалпақ мәмлекетлик университети илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры, география илимлери докторы, доцент И.Р.Турдымамбетов ашты ҳәм басқарып барды. Конференция жумысында университеттиң география ҳәм тәбиий ресурслар факультети деканы, география илимлери кандидаты, доцент Н.Ембергенов, тәбийий география кафедрасы баслығы, география илимлери кандидаты, доцент К.Алланазаров, кафедра доценти, география илимлери кандидаты, доцент П.Реймов, социаллық ҳәм экономикалық география кафедрасы баслығы Г.Ходжаева ҳәм т.б.да профессор-оқытыўшылар тәрепинен бир қатар баянатлар исленди.

Халықаралық конференция шеңберинде жоқарыда атап өтилген сырт ел жоқары оқыў орынларынан келген конференция қатнасыўшылары менен университет ҳәм шет ел жоқары оқыў орынлары ортасында алдағы ўақытта оқыў, илимий изертлеўлер, илимий-педагог кадрлар таярлаў, әсиресе, Москва мәмлекетлик халықаралық байланыслар институты, Алтай мәмлекетлик университети ортасында өз-ара бирге ислесиў, соның ишинде, қоспа тәлим бағдарламасы тийкарында биргеликте кадрлар таярлаў, университет жас алымларын усы сырт ел жоқары оқыў орынларына докторантураға оқыўға жибериўди жолға қойыў, өз-ара тығыз байланыслы ҳалда илимий мақалаларды биргеликте баспадан шығарыў, университет алымлары менен бирге илимий изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў ҳәмде өткериў сыяқлы бир қатар илажларды әмелге асырыў бойынша өз-ара халықаралық байланысларды орнатыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Конференция қызғын дискуссия ҳәм сораў-жуўапларға бай тәризде өткерилди.
ҚМУ Баспасөз хызмети